Ташкентте Қытай Халық Республикасының елимиздеги елшиханасының саўда-экономикалық мәселелер бойынша мәсләҳәтшиси аппараты тәрепинен «Өзбекистан – Қытай саўда-экономикалық қатнасықлары заманагөй басқышта» тесмасында брифинг өткерилди.
Илажда елеримиз арасындағы өз-ара исенимге, бирге ислесиўге ҳәм мәпдарлыққа тийкарланған стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.
Өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң ҳуқықый базасын бир қанша ҳүжжетлер беккемлеп турады. Онда 2017-жыл 12-май күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин тәрепинен қол қойылған Өзбекистан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасының ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да тереңлестириў ҳаққындағы бирликтеги билдириў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 11-13-май күнлери Қытай Халық Республикасына мәмлекетлик сапар етиўи Өзбекистан – Қытай саўда-экономикалық қатнасықларын жаңа басқышқа көтерди. атап айтқанда, еки тәреплеме саўда байланысларын буннан былай да раўажландырыў, инвестициялар, қаржы, транспорт инфраструктурасы, еркин экономикалық ҳәм киши экномикалық зоналар қурыў бағдарларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.
Қытай Өзбекистан экономикасына ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекетлерден бири болып табылады. Қытай ҳүкиметиниң жеңилликли ҳәм коммерциялық кредитлери тийкарында Өзбекистанда электр энергиясы, нефть-газ, гидроэнергия ҳәм химия санааты, ҳаўа ҳәм темир жол транспорты инфраструктурасын модернизациялаў сыяқлы 60 тан аслам ири жойбар әмелге асырылды.
Бүгинги күнде елимизде Қытай капиталының қатнасыўындағы 700 ден зыят компаниялар менен кәрханалар жумыс алып бармақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Қытайға мәмлекетлик сапар етиўи ўақтында бул бағдардағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде «Жиззақ» еркин экономикалық зонасында таяр өнимлерди ислеп шығарыў бойынша жоқары технологиялы қоспа кәрханалар қурыўға келисип алынды.
– Өзбекистанда социаллық –экономикалық реформаларды тереңлестириў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар Қытай жәмийетшилиги тәрепинен жоқары баҳаланбақта, – дейди Қытай Халық Республикасының елимиздеги елшиханасының саўда-экономикалық мәселелер бойынша мәсләҳәтшиси Цзинь Юйлун. – Биз өндиристи диверсификациялаўға, санаатты модернизациялаўға, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, халықтың абаданлығын буннан былай да арттырыўға хызмет ететуғын бул ис-ҳәрекетлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз.
Б.БОЗОРОВ,
ӨзАның хабаршысы