Елимизде суў ресурсларын үнемлеў, оннан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бағдарындағы тәжирийбе ғалаба ен жайып, жаңа басламалар қоллап-қуўатланбақта. Дүнья тәжирийбеси егинлерди тамшылатып, жаўынлатып, суўды үнемлеўши технологиялар жәрдеминде суўғарыў суўдың сарыпланыўын ҳәм қәрежетлерди азайтыў, өнимдарлықты арттырыўға тийкар жарататуғынын көрсетти.

Қанлыкөл районы Жаңа қала аўыл пуқаралар жыйынындағы «Ҳәзирети Дийқан» фермер хожалығында пахта атызларын ийилиўшең шлянга арқалы суўғарыў бойынша көргизбели семинар болып өтти. Онда райондағы фермерлер, суўшылар ҳәм басқа да тараў хызметкерлери қатнасты.

Семинарда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Суў тежеўши технологияларды раўажландырыў басқармасы баслығы Б.Холмуроджонов, районлық ирригация бөлими баслығы М.Мамбетрзаев ҳәм басқалар пахташылықта суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2020-жыл 11-декабрьдеги «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди және де жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы, 2022-жыл 1-марттағы «Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарлары тийкарында аўыл хожалығында енгизилип атырған бул суўғарыў технологиясының ҳәр тәреплеме пайдалылығы бир неше мәртебе сынақтан өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги