Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Исбилерменликти раўажландырыў ушын жаңа усыныс ҳәм басламалар!» cүрени астында аймақлардағы исбилерменлик ўәкиллери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасының жергиликли 120 дан аслам исбилерменлери, тараўдағы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тәртиплери бойынша пуқта билим ҳәм көнликпелерге ийе болған экспертлер, тийкарынан, салық тараўындағы тәжирийбели қәнигелер, аудиторлар, юристлер, қаржы, банк системасы ҳәм ғалаба хабар қуралларының, видеокорференц байланыс арқалы ўәлаятлардағы тараў ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўда Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы баслығының орынбасары Ж.Ураков, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Ҳ.Қайпназаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде исбилерменикти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтилди.
Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – исбилерменлик тараўында ушырасып атырған системалы машқалаларды анықлаў, оларды додалаў, бизнес тараўында буннан былай да қолайлық ҳәм жеңилликлер жаратыўға қаратылған усынысларды ислеп шығыўдан ибарат.
Ушырасыўда исбилерменлердиң жумысларында ушырасып атырған машқалалар бойынша пикир-усыныслар бирме-бир тыңланып, тийисли қәнигелер ҳәм экспертлер тәрепинен олардың мәселелери додаланды.
Атап айтқанда, фермерлерге суўдың берилип атырғаны, бирақ аз муғдарда екенлиги, суўға салық салыўда белгиленген норманың бурынғы аўқам дәўиринен қалып, еле жаңаланбағанлығы, салықтың толық берилетуғын суўдың муғдары бойынша алынып атырғанлығы, пуқаралардың өзин-өзи бәнт етиўдеги машқалалар, яғный, айырым адамлардың жәрдем пулдан айырылып қалмаўы ушын, исбилерменлик пенен шуғылланыўдан қашып атырғаны, ыссыхана ямаса басқа кәрхана шөлкемлестириў ушын кредит алынғандағы қарызды төлеўде ушырасып атырған машқалалар ҳәм басқа да усы сыяқлы мәселелер орын алған.
Илаж даўамында бизнес ўәкиллери тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар ҳәм басламалар бойынша дизим қәлиплестирилип, пуқта үйренип шығыў бойынша тийисли қәнигелерге тапсырмалар берилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.