Журтбасшымыздың усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға келип, халық пенен пикирлесип, республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў, қала ҳәм районларымызды абаданластырыў бойынша берген усыныслары тийкарында көплеген жумыслар әмелге асырылып, өз нәтийжелерин бере баслады.

Солардың қатарында Нөкис қаласындағы полимер өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрхананың толық иске түсиўи усы жылдың 1-августине белгиленген еди. Ҳәзирги күнде кәрхананың бир цехы иске түсип, диаметри 20 миллиметр болған полиэтилен трубаларды ислеп шығара баслады.

Бул жойбардың улыўма баҳасы – 19,3 миллиард сум. Толық иске түскеннен кейин бул кәрхана жылына 8000 тоннаға шекем полиэтилен трубаларын, 500 мыңнан аслам 25, 50 килограммға мөлшерленген қалталарды, сондай-ақ, басқа да турмыслық буйымларды ислеп шығара баслайды. Кәрхана толық иске түскеннен кейин 100 ден аслам пуқара жумыс пенен тәмийинленеди.

Кәрхананың қурылыс жумысларын шөлкемлестириў, алып барыў бойынша жумыслар қызғын пәт пенен әмелге асырылды. Нөкис қаласы ҳәкиминиң шешими менен Түслик өндирис зонасында оның қурылысы ушын улыўма майданы 18,7 мың квадрат метрден аслам жер майданы ажыратылып, февраль айының дәслепки күнлеринен-ақ қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Усы жойбардың бас кесип алыўшысы «Қублагазқурылыс» акционерлик компаниясы болып есапланады. Бүгинги күни кәрхананың полимер өнимлерин ислеп шығарыўшы үскенелериниң қурылыс-монтаж жумыслары тамамланыў алдында турыпты.

Ҳәзирги ўақытта кәрхананың насос станциясындағы, 100 куб метрлик өртке қарсы резервуарындағы, ҳәкимшилик имаратындағы, қорғанындағы, таяр өнимлерди сақлаў бойынша қоймаханасындағы жумыслар толығы менен тамамланды. Оның екинши линиясындағы үскенелерди орнатыў, жақтыландырыў үскенелерине барыўшы кабеллерди тартыў, цехтың төбе ҳәм қаптал тәреплериндеги колонналар менен швеллерлерди бояў,  жолларды асфальтлаў бойынша жумыслар даўам етпекте.

– Ҳәзирги ўақытта объектке орнатылатуғын барлық үскенелер алып келинген ҳәм август айына шекем бул бағдардағы жумысларды толық тамамлаймыз,-дейди кәрхана директоры С.Аннаклычев.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.