Тахтакөпир районында да жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорт тараўындағы қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға бағдарлаған бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Футбол бойынша Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Баслығының кубоги» ушын районда шөлкемлестирилген жарыс та усындай илажлардан бири болып есапланады.

Соны да айтып өтиўимиз керек, быйылғы жылдан баслап қызлар арасында да киши футбол бойынша жарыслар болып өтти.

Онда Дәўқара, Айдын жол, Қоңыраткөл, Дәўир, Ғәрезсизлик, Қараой, Белтаў аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары жасларынан дүзилген командалар өз-ара күш сынасты.

Жарыс жуўмағында, 1-орынды Дәўир мәкан пуқаралар жыйыны футболшылары ийелеген болса, 2-орын Қоңыраткөл, 3-орын Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны жасларына несип етти.

Жарыстың сыйлықлаў кешесинде шығып сөйлегенлер, өткерилген бул жарыслар  мәҳәллелердеги жаслардың саламатлығын беккемлеў, жасларымызды ғалаба түрде спортқа қамтыў мақсетинде өткерилип атырғанлығын атап өтип, жеңимпаз команда ағзалары мүнәсип түрде сыйлықланды.








Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы