Елликқала районы республикамыздың үлкен туристлик потенциалға ийе болған районлардан есапланады. Көплеген әййемги қорғанлар, музейлер, Ақшакөл дем алыў орны, ботаника бағы, санаториялар, дем алыў бағлары менен миймандос район халқы сапар менен барған ҳәр бир туристтиң кеўилдегидей дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылған.

Усы жылдың 17-апрель күни районның туристлик потенциалын көрсетип бериў ушын «Қарақалпақстан» ҳәм «Өзбекстан 24» телеканалларының журналист, телеоператор, техникалық хызметкерлери районның жоқарыда атап өтилген орынларынан көрсетиў таярлады. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Топыраққала комплексин сүўретке алыў процесинде Швейцария, Израил, Япония ҳәм Франция сыяқлы еллерден 150 ден аслам туристлердиң саяхат етип келгени райондағы әййемги естеликлердиң дүнья халықлары арасында оғада үлкен қызығыўшылық оятып атырғанын және бир мәрте дәлилледи.

Таяраланған көрсетиў 19-апрель күни саат 21:50 де «Қарақалпақстан» телеканалында берилген болса, 26-апрель күни «Өзбекстан 24» телеканалының «Мозий 24» көрсетиўинде саат 8:45 те ҳәм тәкирар түрде 21:45 те эфирге бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги