Қанлыкөл районындағы 23 улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класын быйылғы жылы 416, 9-класын 760 қа шамалас жас питкерип, үлкен өмирге жоллама алмақта.

Райондағы Наўрыз аўыл пуқаралар жыйынындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де «Соңғы қоңыраў» шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди. Мектеп жанындағы байрамдағыдай безелген майданшаға питкериўшилер, олардың устазлары менен ата-аналары, мийманлар жыйналған.

Илажда район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң басшысы тәрепинен билимлендириў тараўын реформалаў, жасларымызға мүнәсип тәлим-тәрбия бериў, оларды қәдириятларымызға ҳүрмет, миллий үрп-әдетлеримизге садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Ана мектеби менен хошласыў алдында турған питкериўшилерге табыслар тиледи.


Усындай илажлар Мойнақ районында да шөлкемлескенлик дәрежесинде өткерилип, быйыл райондағы 17 мектепти 364 жигит-қыз питкерип, үлкен өмирге жол алды. Питкериўшилердиң 20сы алтын, 15 си гүмис медальға ылайық деп табылып, 1 питкериўши мүддетинен алдын жоқары оқыў орнының студенти болыў бахтына миясар болды.

Илаж соңында пән олимпиадаларында, таңлаўларда жоқары орынларды ийелеген, өзиниң үлгили минез-қулқы менен басқаларға өрнек болған оқыўшыларға Ҳүрмет жарлықлары, олардың ата-аналарына Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги