Әмиўдәрьяның шеп жағалаўында тарийхый естеликлер оғада көп. Солардың бири Қанлыкөл районы аймағындағы «Жаңа қала» қорғаны болып табылады. Район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайтында қорған ҳаққында материал жәрияланды. Оны дыққатыңызға усынамыз.
Қанлыкөл районы «Жаңа қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан таза «Жаңа қала» қорғаны ҳаққындағы изертлеўлерге қарағанда, булл қорған кәрўанда жол жүрген жолаўшылар иркилип өтетуғын орын болыўы менен бирге, сыртқы душпанлардан қорғанатуғын бекинис ретинде пайдаланылған.
XIX әсирдиң ақыры, XX әсирдиң басларында таза «Жаңа қала» қорғаны Хийўа ханы тәрепинен қурылып, оған Қутлымурат инақ, Шәрибай беглер беги ҳәм т.б. басшылық еткен. Таза «Жаңа қала» қорғаны қарақалпақлардың белгили мәдений дем алыў орынларының бири болып, өнерментшилик, саўда орны хызметин атқарған.
Қорғанның узынлығы 70 метр, ени 40 метрге шамалас болған төрт мүйешли болып, бийиклиги 3 метрге шамалас пискен ылайдан салынған, қорған дийўалы ениниң қалыңлығы 1 метр болған, қорған дийўалының ишки тәрепинен нөкерлер жүретуғын ени 1-1,5 метрге шамалас ернеклер болып, дийўалдың ҳәр жеринде сырттан келген душпанларды атыў ушын тесик (гезелер) қойылған. Қорғанның қубласында үлкен, арқа тәрепинде киши дәрўаза болып, қараўылханалары болған.
Соңғы жыллары бул қорғанды халық батыры Өтеш Дәўлетназар улы елди сыртқы жаўлардың топылысынан қорғаныў ушын пайдаланған.
Сондай-ақ, «Жаңа қала» қорғаны ҳаққында 1899-жыл Қоңырат қаласына келген рус экспедициясы ағзасы М.Н.Чернышевскийдиң күнделигинде «Жаңа қала» Ханжап каналының бойында Әмиўдәрьядан бир верстей жерде жайласқанлығы ҳаққында дәреклер жазылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги