2023-жылдың биринши шерегинде Қарақалпақстан Республикасы салық уйымлары тәрепинен 581 миллиард 492 миллион сумлық салық түсимлери тәмийинленип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 116,7 процент өсимге ериcилген.

Түcимлер анализ етилгенде, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 9 салық түринде өсим бақланған.

Атап айтқанда, юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық 3 миллиард 738 миллион сумға, 212 процентке, физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы 10 миллиард 528 миллион сумға, 148,9 процентке өскен.

Сондай-ақ, юридикалық тәреплердиң пайда салығы 4 миллиард 755 миллион сумға (116,6%), физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 44 миллиард 607 миллион сумға (126,5%), жер астынан пайдаланғанлығы ушын салық 2 миллиард 75 миллион сумға (182,9%), физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк салығы 4 миллиард 895 миллион сумға (166,4%), физикалық тәреплердиң исбилерменлик хызметлеринен алынатуғын қатаң белгиленген салық 563 миллион сумға (115,7%), қосымша қун салығы 16 миллиард 406 миллион сумға (114,7%), суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық 5 миллиард 687 миллион сумға (207,8%) өскен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги