Миллий медиа тараўында ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин жедел қоллап-қуўатлаўға байланыслы дөретиўшилик таңлаўлар, жойбарлар көп. Бирақ олардың арасында «Алтын қәлем» таңлаўы өзгеше абырайға ийе.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен дәстүрий тәризде өткерилип атырған бул таңлаў ҳәр жылы жоқары дәрежеде шөлкемлестириледи. Быйылғы таңлаўдың жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими «Өзбекстан» халықаралық конференциялар сарайында өткерилип атырғаны да соннан дәрек береди.
Өзбекстан журналистлер аўқамы баслығының ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Холмурод Салимов мәмлекетимизде ғалаба хабар қураллары, журналистлер ушын кеңнен имканиятлар жаратылып атырғанын атап өтти.
Мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары ҳәм оларда жумыс алып барып атырған журналистлер ушын және де кеңнен жеңиллик ҳәм имканиятлар жаратылмақта. Президентимиздиң 2022-жыл 27-июньдағы «Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде 2023-жылдан баслап «Алтын қәлем» таңлаўының хошаметлеўши номинациялары 5 ден 12 ге көбейтилди.
Оған бола, Бас миллий сыйлық ийесине жеңил автомобиль берилетуғыны белгиленди. 1-орын ийелерине Өзбекстанда белгиленген базалық есаплаўдың 160 есеси, 2-орынға 140 есеси, 3-орынға 120 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилген болса, усы жылдан 1-орынға 200, 2-орынға 175, 3-орынға 150 есеси муғдарында ақшалай сыйлық ажыратылмақта. Сондай-ақ, хошаметлеўши номинация жеңимпазларына берилетуғын пул муғдары базалық есаплаўдың 50 есесинен 100 есесине шекем арттырылды.
Журналистлер аўқамының мағлыўматына қарағанда, усы жылы «Алтын қәлем» XVII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда ҳәр жылғыдан көп – 500 ден аслам ҒХҚ ўәкиллери 4 мыңға шамалас дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты. Атап айтқанда, телевидение бағдары бойынша мәмлекетимиздеги мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларда жумыс алып барып атырған 125 журналист қатнасты. Төрешилер ағзасы тәрепинен олардың 900 ге шамаласының дөретиўшилик жумысы көрип шығылды. Таңлаўдың бул бағдары бойынша материаллар усынылған дөретиўшилер арасында халқымыз меҳрине ерискен, кең жәмийетшиликтиң итибарына ийе болған, сондай-ақ, түрли таңлаўларда жеңимпаз болған журналистлер бар.
Радио бағдары бойынша төрешилер ағзасы тәрепинен 43 журналисттиң 300 ден аслам дөретиўшилик жумыслары көрип шығылды. Бул бағдар бойынша таңлаўда қатнасқанлардың көпшилиги ҳаял-қыз журналистлер. Олардың дөретиўшилик жумысларында информациялық-аналитикалық материаллар, Жаңа Өзбекстан руўхы, Конституциялық реформалардың мазмун-мәниси, заманымыз қаҳарманларының турмысы, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери менен сәўбетлер тийкарғы орын ийелейди.
Усы жылы да «Алтын қәлем» таңлаўында баспа ғалаба хабар қураллары бағдары бойынша қатнасқан журналистлер 173 ти қурады. Олардың 1 мың 200 ден аслам дөретиўшилик жумысы төрешилер ағзасы тәрепинен көрилди. Усынылған дөретиўшилик жумысларда бүгинги әҳмийетли темаларға айрықша итибар қаратылған. Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, адамларды разы етиў мақсетинде Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар анық мысаллар тийкарында ашып берилген.
Өткен жылы «Алтын қәлем» таңлаўында интернет-журналистика бағдары бойынша 45 журналист қатнасқан болса, усы жылы олардың саны 76 ға жетти. Бул бағдарда мәмлекетлик емес интернет басылымларының белсендилиги бақланды. Таңлаўға усынылған дөретиўшилик жумысларда жас журналистлер түрли тараўларға байланыслы көплеген машқалаларды анық көрип шыққаны, журналистлик сорастырыўлар көбейгени сәўлеленген. Олар тийкарында жәмийетшиликтиң пикири қәлиплесип, ҳәттеки түрли тараўларға байланыслы қарар жойбарларына өзгерислер киргизилгенин көриў мүмкин. Интернет-журналистика бағдарындағы дөретиўшилик жумыслар ғалаба хабар қураллары ҳақыйқаттан да «төртинши ҳәкимият» дәрежесине көтерилгенинен дәрек береди.
Сырт елли журналистлерде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар, мәденият, туризм ҳәм басқа да тараўларды сәўлелендириўге умтылысы күшли болғаны ушын олардың мәмлекетимиз ҳаққындағы дөретиўшилик жумысларының саны жылдан-жылға артпақта. «Алтын қәлем» XVII Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда 25 мәмлекеттен 50 ден аслам журналист қатнасып атырғаны, олардың арасында Европа ҳәм Азия континентинен усы тараў ўәкиллериниң бар екени де буның дәлийли болып есапланады.
«Алтын қәлем» таңлаўының хошаметлеўши номинациялары бойынша усы жылдан баслап 12 журналист сыйлықланатуғын болды. Бул 12 номинациялардан бири – «2022-жылы басып шығарылған публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын» бағдары бойынша жеңимпазды 28 журналист-публицист арасынан анықлаў төрешилер ушын аңсат болмаған.
Таңлаўдың «Ең жақсы фоторепортаж ушын» номинациясының жеңимпазы болса 19 фотожурналисттиң 150 ге шамалас дөретиўшилик жумысларын баҳалаў арқалы анықланды. Қалған 10 номинация жеңимпазлары таңлаўдың телевидение, радио, баспа ҒХҚ, интернет-журналистика бағдарлары бойынша 500 ден аслам ҒХҚ ўәкиллери арасынан сыйлыққа ылайық көрилген.
«Алтын қәлем» таңлаўы мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған халықаралық шөлкемлер, бир қатар сырт мәмлекетлердиң елшиханаларында да үлкен қызығыўшылық оятпақта. Усы жылы таңлаўда ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы, Европа Аўқамы ҳәм Бельгияның GOPA Com., S.A.DNA компаниясы ҳәм Қытай Халық Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы өз номинациялары менен қатнасқанын атап өтиў керек.
Ҳақыйқатында да, «Алтын қәлем» – дөретиўшилерге мүнәсип хошамет, журналистикаға жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын тымсалы. Сол себепли барлық ҳәрекетлер бул таңлаўдың қалыс, ашық айдын ҳәм әдил өтиўин тәмийинлеўге қаратылды.
Салтанатлы илажда телевидение, радио, баспа ғалаба хабар қураллары, интернет басылымлары бағдары, барлық номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды. Оларға арнаўлы статуэтка, ақшалай сыйлық, дипломлар салтанатлы түрде тапсырылды.
Бас миллий сыйлыққа Мырза Улуғбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиниң журналистика факультети мүнәсип деп табылды. Оған жеңил автомобиль, арнаўлы статуэтка ҳәм диплом салтанатлы тәризде тапсырылды.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы баслығыны орынбасары – Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Ш.Асадов қатнасты.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы