Дүнья журналистикасында фотожурналистиканың тутқан орны айрықша. Жасырарлығы жоқ, бүгинги күнде көпшилик Раджапбай Саидов, Қыдырбай Пирленов, Карам Оразов, Аманбай Муратов, Бердинияз Аллашов, Жумабай Жақсымуратов, Шүкирбай Сипатдиновларды ғана фотожурналистлер сыпатында таныйды.
2010-жыллары белгили фотожурналист Бердинияз Аллашов қайтыс болып, бурынғы нураный фотожурналистлеримиз пенсияға шыққаннан соң, Қарақалпақстан журналистикасында республикамызды дүньяға танытатуғын профессионал фотожурналистлер азайып кетти. Бул арада республикалық газеталарда айырым инсанлар фотожурналист сыпатында хызмет етти. Бирақ, олардың көпшилиги бул тараўдың «нанының жуқалығы»на көнликпей басқа жумысларға өтип кетти.
Бүгинги күни пүткил республикамызға өзиниң Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларындағы дөретиўшилик мийнетлери арқалы таныс болып үлгерген, күни кеше болса, «Алтын қәлем» XVII Миллий сыйлығы ушын өткерилген халықаралық таңлаўда “Ең жақсы фоторепортаж ушын” номинациясында жеңимпаз атанған Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң (ӨзА) Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы Мақсет Ҳәбийбуллаев тап усы аралықтағы «бослық»ты толтырыў мақсетинде Қарақалпақстан фотожурналистикасына кирип келди.
Өзиниң пидайылығы, кишипейиллиги ҳәм жумысқа деген жуўапкершилиги менен көзге түскен бул мийнеткеш жигит өткен он жылдан аслам ўақыт ишинде республикамыз турмысының барлық тараўларында фоторепортажлар таярлап, халқымыз алғысына бөленди. Өзинен бурын фотожурналистика тараўында жумыс ислеген устаз фотографлардың дөретиўшилик мийнетлерин үйренип шығып, олардан өзине тийисли сабақлар алды. Сондай-ақ, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигинде көп жыллардан берли жумыс ислейтуғын тәжирийбели фотохабаршылар Алмурад Мамадаминов ҳәм Шамурат Шараповлардан заманагөй фотожурналистиканың әлўан түрли сырларын үйренди.
Нөкис ҳәм Ташкент қаласында өткерилген оқыў-семинарларға қатнасып, билим ҳәм ис-тәжирийбесин арттырды.
Өзбекстан көркем өнер академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында бир неше мәрте «Мойнақ кеше ҳәм бүгин», «Алтын гүз», «Гүмис қыс» атамасында фотокөргизбелер шөлкемлестирип, қәнигелерден өзиниң тийисли баҳасын алды.
2019-жылы журналистика тараўында ислеген пидакерлик хызметлери ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланған болса, 2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
-Мениң бүгингидей жетискенликлерге ерисиўимде республикамызға белгили жасыүлкен фотохабаршылардың, соның менен бирге, университетте журналистикадан бизлерге сабақ берген Малика Жумамуратова, Дәўлетбай Бекбаўлиев, Қуўатбай Есебаев, Тамара Машарипова ҳәм өзимниң туўысқан ағам Даўыт Абибуллаевлардың ислеген хызметлери айрықша болды,-дейди бүгин көкирегин қуўаныш кернеген кәсиплесимиз Мақсет Ҳабийбуллаев.-Пурсаттан пайдаланып, барлық устазларыма, мени ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиндеги кәсиплеслериме өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Алдағы ўақытлары еле де көбирек өз үстимде ислеп, халқымызды өзим түсирген фотосүўретлер арқалы пүткил дүньяға танытыў ушын аянбастан хызмет ете беремен.
Әлбетте, машақатлы мийнеттиң мәртебесине ерискен Мақсет ағаның бүгинги жетискенлиги өз-өзинен болғаны жоқ. Бул табыслардың артында жумыста да, үйде де бир-бирин түсинетуғын аўызбиршиликли ҳәм сыйласықлы шаңарақ тур. Соны да айтып өтиўимиз тийис, Мақсет ағаның өмирлик жолдасы да журналистика тараўында хызмет етип атырған тележурналист Арзайым Бердимуратова болып табылады. Олар бүгинги күни 3 қыз ҳәм 1 улды тәрбиялап, камалға келтирмекте.
Табыслар көз айдын әдиўли кәсиплеслер!
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы