Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Тәбийғый пәнлердиң әҳмийетли мәселелери» атамасында IV халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.

Институттың Тәбийғый пәнлер факультети тәрепинен өткерилген халықаралық конференцияда Россия Федерациясы Казань федерал университетиниң психология ҳәм билимлендириў институты доценти, биология илимлериниң кандидаты Эмиль Миннибаев, Москва мәмлекетлик педагогикалық университети профессоры, биология илимлериниң докторы Михаил Марков, республикамыздағы жоқары оқыў орынларының жетик профессорлары, илимий-изертлеў орайларының илимпазлары, докторантлар, магистрантлар офлайн ҳәм онлайн түрде қатнасып, өз-ара тәжирийбе алмасты.






– Бундай жоқары дәрежедеги конференция бәринен бурын, тәбийғый пәнлер тараўындағы әмелге асырылып атырған жумысларды үйрениў, тараў қәнигелери менен пикир алысыў, биологиялық ҳәртүрлиликти сақлаўға, қайта тиклеў ҳәм қорғаўға, шығындысыз технологияларды жаратыўдың оптимал вариантларын табыўға бағдарланған жойбарларды раўажландырыўда әҳмийетли болып табылады, -дейди институт ректоры Байрам Өтемуратов. – Қалаберди, конференция тәбийғый бағдардағы тараўларға инновацияларды енгизиў ҳәм қәбилетли жасларды жүзеге шығарыў, заманагөй өндирис кәрханалары ушын жетик, бәсекиге шыдамлы кадрларды жеткерип бериўге хызмет етеди.

Халықаралық конференцияда күн тәртибине байланыслы баянатлар тыңланып, Арал апатшылығын сапластырыўдың жаңа стратегиясын ислеп шығыў, шығындысыз технологияларды кеңнен ен жайдырыў, биологиялық ресурсларға зыян жеткермей пайдаланыў механизмлерин раўажландырыў бағдарындағы машқалалар додаланды. Жоқары оқыў орынларында кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары менен өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Конференция секцияларда өз жумысын даўам еттирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги