Қарар ҳәм оның орынланыўы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары орынлардағы инфраструктура объектлерин жақсылаў, халыққа мүнәсип турмыслық шараятларын жаратыў мақсетинде қабыл етилген болып, онда белгиленген ўазыйпалар бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
Биз «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы директорының биринши орынбасары, бас инженер Бахытбай Аймурзаев пенен сәўбетлесип, халықты газ бенен тәмийинлеўди жақсылаў бағдарындағы жумыслар ҳәм тараўға байланыслы қабыл етилген басқа да қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўы барысы туўралы қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги ПҚ-408-санлы қарарында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 252 мәҳәлледеги 259 объектте, соннан газ тәмийнаты бойынша 9 объектте 0,8 миллиард сумлық ири қурылыс, оңлаў жумысларын әмелге асырыў белгиленген. Усы ўазыйпалардың орынланыў барысы туўралы мағлыўмат берсеңиз.
– Қарардың баслы мақсети 2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыў болып есапланады. Себеби, халықтан келип түсип атырған мүрәжатлар да көбинесе, газ, суў, электр энергиясы менен байланыслы мәселелер бойынша болмақта.
Елимизде усы мәселелерге үлкен итибар қаратылып, бул қарарда газ тәмийинаты тармақларын оңлаў, реконструкциялаў, газ бөлистириў шақапшаларын оңлаў ҳәм хожалықларға қосымша суйылттырылған газ баллонларын ажыратыў бойынша 9 жойбар ҳәм оған 846,7 миллион сум қаржы жумсалыўы белгиленген.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен 5 объект бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери таярланды ҳәм мәмлекетлик экспертизадан өткерилди.
Соннан, Қоңырат районындағы Елабат посёлкалық пуқаралар жыйынындағы 95 хожалыққа қосымша 30 дана суйылттырылған газ баллон резервин жаратыў ушын 120 миллион сумлық, Үстирт АПЖ дағы хожалықларға 50 дана суйылттырылған газ баллоны резервин жаратыў ушын 100 миллион сумлық, Нөкис районы Арбашы АПЖ дағы Нөкис елатлы пункти аймағындағы орта басымлы газ тармағындағы жеңил оңлаў жумысларына 10 миллион сумлық, Төк таў МПЖ дағы Ақ терек елатлы пункти аймағындағы орта басымлы газ тармағындағы жеңил оңлаў жумысларына 5,0 миллион сумлық, Төрткүл районы Ақбаслы АПЖ ның газ тәмийнатын және де жақсылаў ушын 3 дана жоқары басымдағы газ бөлистириў қурылмасының оңлаў жумысларына 1,7 миллион сумлық, филиалдың өз күши менен усы 5 жойбар бойынша жәми 236,7 миллион сумлық газ тармақларына жеңил оңлаў жумыслары әмелге асырылып, бул жерлерде суйылттырылған газ баллонларының резерви жаратылды.
Еллиққала районының Истиқлол мәкан пуқаралар жыйынындағы Увайсий, Фитрат, Чўлпон, Рўмий, Муҳаммад Юсуф, Зульфия көшелерин газлестириў жумысларына басламалы бюджеттиң есабынан 250,0 миллион сумлық қаржы ажыратылған. Бас жойбарлаўшы «ҚҚ ГАЗ ЖОЙБАР» ЖШЖ, Бас қурылыс кәрханасы «КК Арун строй» ЖШЖ тәрепинен усы объектлерде қурылыс-монтажлаў жумыслары толық жуўмақланды. Ҳәзирги ўақытта усы аймақтағы хожалықлардың тәбийғый газ бенен тәмийинлениўи жақсыланды.
Қалған 3 жойбар бойынша, яғный Беруний районы Бирлик МПЖ аймағындағы хожалықлардың тәбийғый газ бенен тәмийинлениўин 3 басқышлы системадан 2 басқышлы системаға өткериў жумысларына 90 миллион сум, Туран МПЖ аймағындағы 798 хожалықты басқышпа-басқыш газлестириў жумысларына 70 миллион сум ҳәм Нөкис қаласы Қызыл қум MПЖ дағы Қурылысшы көшесиниң 2,0 километрлик газ тармағын тәртиплестириў жумысларына 200 миллион сум, жәми 3 объектке Қарақалпақстан Республикасы бюджети есабынан 360,0 миллион сумлық қаржы жумсалды ҳәм бул объектлердеги қурылыс-оңлаў жумыслары да толығы менен жуўмақланды.
Қарарға тийкарланып газ тәмийинаты тармақларын оңлаў, реконструкциялаў, газ бөлистириў шақапшаларын оңлаў ҳәм хожалықларға қосымша суйылттырылған газ баллонларын ажыратыў бойынша ислеп шығылған 9 жойбар толық жуўмақланды.
Қарақалпақстан Республикасы бюджети есабынан 3 объектке 360,0 миллион, Елликқала районы жергиликли бюджети есабынан 1 объектке 250,0 миллион, «Ҳудудгазтаъминот» акционерлик жәмийетиниң есабынан 5 объектке 236,7 миллион сумлық қаржы жумсалды. Нәтийжеде, мәҳәллелердеги 1005 хожалықтың тәбийғый газ бенен тәмийинлениўи жақсыланып, Қоңырат районында қосымша 80 дана суйылттырылған газ баллонының резерви жаратылды.
- Заманагөй электрон газ есаплағышларды орнатыў жумыслары қай дәрежеде әмелге асырылмақта?
– Бул бағдардағы жумыслар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-сентябрьдеги «Тәбийғый газ қадағалаўы ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиў» жойбарын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 31-декабрьдеги «Тәбийғый газ қадағалаўын ҳәм есабының автоматластырылған системасын енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарларында белгиленген ўазыйпалар шеңберинде әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте бүгинги күнге келип республикамыз бойынша АСКУГ системасына өтиў ушын жәми 241592 дана заманагөй электрон газ есаплағышын орнатыў режелестирилген еди. Бүгинги күнге келип, 259372 дана (107 %) заманагөй электрон газ есаплағыш орнатылды. Бул ақыллы электрон газ есаплағыш үскенесин орнатыў арқалы күнлик газдиң жумсалыўын онлайн түрде көриў, қарыздарлыққа ийе хожалықларды аралықтан турып өшириў ҳәм қайта қосыў имканиятлары жаратылды.
– Районларда «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў бойынша бағдарламалар, сондай-ақ, турақ жайлардың қурылысын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар шеңберинде бир қатар жаңа елатлы пунктлер бой тиклеп, олардағы инфраструктура объектлери бойынша да кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпалар белгиленген. Бул жумыслардың барысы туўралы да мағлыўмат берсеңиз.
- Шынында да, Нөкис қаласына жаңа көшелер қосылып, районларда жаңа елатлы пунктлер пайда болып, ол жерлерде де халықты, жаңадан қурылған медицина, спорт, мектеп, балалар бақшасы, саўда, хызмет көрсетиўши басқа да объектлерди тәбийғый газ, таза ишимлик суўы, электр энергиясы менен тәмийинлеў зүрүрлиги туўылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрдеги «Жаңа Өзбекстан» массивин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Кегейли районындағы Ақтуба АПЖ, Қараөзек районындағы Есим ҳәм Қанлыкол районындағы Наўрыз МПЖларында «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў белгиленген.
«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийинаты филиалы тәрепинен усы массивлерди сыртқы газ тармақлары менен тәмийинлеў мақсетинде массивлердиң қурылыс жойбарларын ислеп шығыў бойынша буйыртпашы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» ИК ҳәм бас жойбарлаўшы «Қишлоққурилишинвест» ЖШЖ лар менен келисилген ҳалда тартып келинетуғын (ишки майдансыз) газ тәмийнаты тармақлары бойынша жойбарлаў-смета ҳужжетлери таярланды. Мәмлекетлик экспертизаның жуўмағы алынды. Жойбарлаў-смета баҳасы бойынша усы массивлерге 2,0 миллиард сумлық, 2,7 километрлик сыртқы газ тармақларын қурыў белгиленген.
Соннан, бүгинги күнге келип, Кегейли районы Ақтуба АПЖ аймағындағы «Жаңа Өзбекстан» массивине d-159мм L-50 п.м.лик газ тармағы, жоқары басымдағы РДУК-100 маркалы ГРП ҳәм d-150 мм.лик задвижка орнатылды. Объекттеги қурылыс жумысларына 4,9 миллион сумлық қаржы жумсалды.
Ал, Қанлыкол районы Наўрыз МПЖ аймағындағы «Жаңа Өзбекстан» массивине жоқары басымдағы d-159мм L-350 п.м.лик газ тармағы, 25 дана темир бетон тумба, Д-150 мм.лик задвижка ҳәм РДУК-100 маркалы ГРП орнатылып, бул объектлер пайдаланыўға тапсырылды. Усы газ тармақларын қурыў жумысларына 45,82 миллион сумлық қаржы жумсалды.
Сондай-ақ, Қараөзек районы Есим МПЖ аймағындағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде де усындай жумыслар әмелге асырылды. Бул жерде жоқары басымдағы d-159×5.0мм.лик, узынлығы 1,524 километрлик газ тармағы тартылды ҳәм 1 дана жоқары басымдағы РДУК-100 маркалы ГРП орнатылды.
«Жаңа Өзбекстан» массивлерине сыртқы газ тармағын қурыў жумыслары «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийинаты филиалына қараслы «Қурылыс-монтажлаў» басқармасы тәрепинен әмелге асырылмақта.
Филиал тәрепинен бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Сәўбетлескен: Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги