15-май сәнеси пүткил дүнья жүзи бойлап халықаралық шаңарақ күни сыпатында кеңнен белгиленип келинеди.
Бул байрам Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы тәрепинен 1993-жылдың 20-сентябрьдеги халықаралық шаңарақ жылы ҳаққындағы резолюциясына муўапық 1994-жылдың 15-май күнинен баслап белгиленип келинбекте.
Ал, бизиң мәмлекетимизде болса, бул сәне Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-июньдеги «Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, ҳәр жылы белгиленип киятыр.
Қараөзек районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен усы сәне мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанның үлгили шаңарағы» таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға райондағы 4 сектор аймағынан ең үлгили шаӊарақлар қатнасып, белгиленген шәртлер бойынша өз-ара беллести. Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында Ата мәкан мәкан пуқаралар жыйынынан Турдыевлар шаңарағы 1-орынды жеңип алыўға миясар болды ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы