Қарақалпақстан аўыл-хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында «Карьера күни» мийнет ярмаркасы болып өтти.

Ярмаркада институт ректоры Е.Төрениязов, Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң бөлим баслығы Ш.Атаев, «ӘмиўдәрьяТекстил» ЖШЖ кадрлар бөлиминиң баслығы И.Абдуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткерилип атырған илаждың әҳмийетине айрықша тоқтап өтип, бос жумыс орынлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, өткерилип атырған бул илаж студентлердиң сиясий, ҳуқықый билимин арттырыў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың мазмун-мәнисин жеткериў, студент-жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў, оларды кәсип өнерге оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаўға бағдарланған.

Ярмаркаға 40 тан аслам мәкеме ҳәм шөлкемлер өзлериниң бос жумыс орынлары менен қатнасты. Атап айтқанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги 72 вакант орны, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги бос турған инспектор лаўазымы,   «ӘмиўдәрьяТекстил» ЖШЖ механик, оператор, пахта майын ислеп шығарыў цехына механик, слесар, лаборантлық бос орынлары менен қатнасты.

Ярмарка даўамында «ӘмиўдәрьяТекстил» ЖШЖ ға института тәлим алып атырған Әмиўдәрья районында жасаўшы студент-жасларды жумысқа қабыллаўы, олардың хызмет ўазыйпалары ҳәм мийнет ҳақысы бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы қаракөл бирлеспеси, Жумысқа мәрҳәмат моноорайы, Хожели районы ҳайўанлар кеселлиги диагностикасы ҳәм азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги мәкемелери де вакант орынлары менен қатнасты.

Ярмаркада тараўлардан келген ўәкиллер кәсипке оқытыў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелер бойынша институттың жоқарғы курс студентлери, жумыс излеп ярмаркаға келген пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерип, тийисли мәсләҳәтлерин берип барды.

Ярмарка даўамында студент-жаслар бос жумыс орынлары, олардың атқаратуғын миннетли ўазыйпалары, мийнет ҳақыларының муғдарлары бойынша толық мағлыўматлар алды.







Қарақалпақстан хабар агентлиги