Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы ҳаққындағы резолюциясына муўапық, 1994-жылдың 15-май сәнесинен баслап бул күн «Халықаралық шаңарақ күни» ретинде турақлы түрде белгилеп келинбекте. Президентимиздиң 2018-жыл 27-июньдеги «Өзбекстан Республикасында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыз бойынша бул сәне көтериңкилик пенен белгиленбекте.

Хожели районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан мәденият сарайында усы сәнеге бағышланған «Ең үлгили шаңарақ» атамасында таңлаў өткерилди. Таңлаўға райондағы 4 сектор аймағынан ең үлгили шаңарақлар қатнасып, белгиленген шәртлер тийкарында өз-ара беллести.

Таңлаў басланыўынан алдын шөлкемлестириўши уйым ўәкиллери шығып сөйлеп,  соңғы жыллары елимизде шаңарақларда аўызбиршилик ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, миллетлер аралық дослық қарым-қатнасықларын беккемлеўге айрықша итибар қаратылып,  бүгинги күнде район аймағында жасап атырған 31 мың 651 шаңарақ пенен тығыз бирге ислесиў илажлары әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Беллесиў жуўмағында биринши орынды Қумбыз мәкан пуқаралар жыйынынан Ж.Матчановлар шаңарағы ийелеп, таңлаўдың кейинги басқышына жоллама алды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги