Қытайдың “Tencent” гиганты санлы инсан клонларын жаратыў ушын “Deepfakes-as-a-Service” (DFaaS) хызметин иске түсирди. Бул ҳаққында “The Register” хабар бермекте.
Жазылыўына қарағанда, хызмет баҳасы 145 долларды қурайды. Соныӊ менен бирге, адам “Tencnet”ке кадрдағы адам менен үш минутлы видеоны, сондай-ақ, қытай ямаса инглиз тиллеринде 100 гәптиң айтылыўы, жазылыўы көринисиндеги даўыслы трансляцияны усыныўы керек. Керекли ҳәмме нәрсеге ийе болған “DFaaS” адамды санластырыў ушын шама менен 24 саат ўақыт сарыплайды.
Санлы клон — бул кадрда толық ямаса белге шекем болған адам видео бланкасы. Аватар усылы бес варианттан таңланыўы мүмкин: реал 3Д, ярым реал 3Д, мултфильм 3Д, ҳақыйқый 2Д ҳәм мултфильм 2Д. Санлы клон телебаслаўшылар, актёрлар, блоггерлер, стримарлар ҳәм басқалар ушын пайдалы болған ҳәр қандай текстти сөйлеў ушын жаратылыўы мүмкин. Сондай-ақ, “ChatGPT” сыяқлы чатбот функцияларын аватарға бириктирип, оны толық автоном характерге айландырыў мүмкин.
Дилфуза Қуўанышбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги