Пайтахтымыздағы Мухаммад ибн Ахмад аль-Беруний орта арнаўлы ислам билим журтында оқыўға кириў ушын имтиханлар болып өтти.

Быйыл бул оқыў орнына алдыңғы жыллардан 15 оқыўшы көп қабылланады. Бул билим дәргайына жәми 150 ге шамалас талабан ҳүжжет тапсырған.  Оқыўға соннан 40 ы қабылланады.

Сынақлар ана тили ҳәм әдебияты пәнинен таңланған тема бойынша диктант жазыўдан ҳәм шет тили, мәнаўият тараўы, Өзбекистан тарийхы бойынша тест сораўларынан ибарат болып, буның ушын төрт саат ўақыт ажыратылды. Диктант жумысында қарақалпақстанлы жазыўшылардың шығармаларынан бири даўыслап оқылды, қәтесиз, сулыў жазылған жумыс 39 баллдан 37 баллға шекем баҳаланады. Ең жоқары 75,6 балл руўхый-ағартыўшылық мәселелери ҳәм шет тиллери бойынша тест сораўларында шешкен жуўапларға қарап бериледи. Тест сынақларында 108 сораўға (ҳәр бир пән бойынша 36 сораўдан) жуўап белгиленеди.

Ҳүжжет қабыллаў 15-июньде басланып, 10-июльде жуўмағына жетти.

Өзбекистан мусылманлары басқармасына қараслы болған бул оқыў орны исламтаныўшылық бағдары бойынша билим берип, имәм хатиблерди, исламтаныўшыларды, пуқаралар жыйынларының кеңесгөйин, басланғыш араб тили оқытыўшысын таярлап шығарады.

Бул оқыў орнын питкергеннен соң оқыўшылар өзлери қәлеген жоқары оқыў орнына тапсырыўына болады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.