15-апрель күни Германиядағы үш атом электр станциясы (АЕС) өз жумысын тоқтатты. Мәмлекеттеги барлық атом электр станциялары 2022-жылға шекем жабылыўы ҳаққындағы қарар алдын, Японияның жер силкиниў ҳәм цунами ақыбетинде аўыр зыян көрген Фукусима атом электр станциясындағы авариядан көп өтпей қабыл етилген еди.
Немис атом энергетикасы динозавры жеңилиске ушырады.
Экологиялық активлер ҳәм ҳүкимдар коалициядағы «Жасыллар» партиясы атом станцияларыныӊ қәўипи ҳәм радиоактив шығындыларды сақлаўға байланыслы машқалаларды айтып, станцияларды жабыўды талап етип атырған еди.
Турсынбек Хожаниязов,
ҚМУдыӊ Интернет журналистика тәлим
бағдарыныӊ 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги