Соңғы жыллары республикамызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўларда абаданластырыў басқармасы хызметкерлери де өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.
Республикамыздың барлық аймақларында жүргизилип атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларында усы тараў хызметкерлериниң мийнетлери айрықша. Олар қыстың аязлы, жаздың мыс қайнаған ыссы күнлеринде де аянбастан жумыс ислеп, аймақлардың көркем ҳәм абадан болыўында пидайылық пенен хызмет көрсетпекте.
8-март-халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Беруний районы ҳәкимлигинде байрам илажы болып өтти.
Онда район ҳәкими А.Сапарбаев ҳәм сектор басшылары шығып сөйлеп, Беруний районлық абаданластырыў басқармасында жумыс ислеп атырған ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлап, олардың мийнетлерин жоқары баҳалады ҳәм басқармада ислеўши 58 ҳаял-қызға район ҳәкимлигиниң саўғаларын тапсырды.
Сондай-ақ, илажда басқарманың бир қатар пидайы хызметкерлери де шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлық ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.