Түркменстан Республикасы менен шегаралас аймақта жайласқан Қусшылық мәкан пуқаралар жыйынында бүгинги күни 358 хожалықта еки мыңға шамалас ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери өз-ара татыўлықта турмыс кеширмекте.
Тийкарынан бурынғы аўқам дәўиринде қусшылық фермасы болып шөлкемлестирилген бул аймақта соңғы жыллары бир қатар унамлы өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм республика ҳүкиметиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында аймақта қурылыс ҳәм абаданластырыў, халықты социаллық қорғаў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жеделлескени мақтаўға ылайық.
Атап айтатуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында 3км аралыққа электр линиясы, интернет тармақлары жаңадан тартылып, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде төрт кем тәмийинленген шаңарақтың үйлериниң төбеси шиферланып берилген.
-Быйылғы жылы аймақтың 2,7 км аралықтағы көше жолларына қум шағыл-тас араласпасын төсеў, үйлерге жаңадан ишимлик суў тармақларын ҳәм канализация қубырларын тартыў жумыслары әмелге асырылады,-дейди жыйын баслығы Шайдагүл Данабаева.-Сондай-ақ, кишкене балаларымыздың заман талабына сай тәлим-тәрбия алыўына имканият жаратып бериў мақсетинде, аймақта жайласқан 50 орынлық 16-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесине 90 орынлық қосымша жаңа имарат қурыў режелестирилген.
Аймақта Президент қарары тийкарында өзлерине жаратылып атырған қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған исбилерменлер де табылады. Солардың бири «Taxiatas chik» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Аразгелди Юсупов болып табылады.-2021-жылы 2 млрд сум инвестиция киргизиў есабынан бурынғы Тақыятас қусшылық фермасы имаратын өз балансыма алып, жумыс баслаған едим,-дейди Аразгелди.-Мине соннан берли де еки жыл ўақыт өтти. Ферма имараты қайта оңланып, ол жерге жергиликли шараятқа бейим, тез өсетуғын жаңа таўық породаларын бағып көбейтип атырмыз. Ҳәзир фермамызда 20 мың бас таўық, 30 бас шөже бағылмақта. Тийкарынан бизиң хожалығымыз инкубакция цехлары арқалы таўықлардың бас санын көбейтип, оларды республикамыз аймағына сатыўға қәнигелескен. Өткен жылы Тақыятас районында субсидия тийкарында 450-500 дей , Беруний районында 45, Нөкис районында 20 хожалыққа таўық жеткерип бердик. Сондай-ақ, Хожели, Қоңырат, Шымбай, Тахтакөпир, Елликқала, Төрткүл, Беруний ҳәм басқа да районларға кредит тийкарында сатып атырмыз. Өткен жылы Санаатқурылыс банктен 1 млрд муғдарында жеңиллетилген кредит алып, оған жәмийет ушын керекли болған дәскелерди сатып алдық.-Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 31-марттағы 145-санлы қарары тийкарында, 30 жастан асқан ҳаял-қызлар хатлаўдан өткерилип, соннан 47 си «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилди. Соннан 10 ҳаял-қызға тигиў машинасы, 2 ўине кондитер печи, алтаўына 600 мың сумнан материаллық жәрдем бердик,-дейди аймақтағы ҳаял-қызлар белсендиси Насиба Мадреймова.-Исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўши еки ҳаял-қызға жеңилликли кредитлер ажыратылды. Бағыўшысын жоғалтқан 11 ҳаял-қызға 1 млн 80 мың сумнан, 1-2-топар майыплығы болған 6 ҳаял-қызға, қарамағында имканияты шекленген перзенти бар 5 ўине 1млн 200 мың сумнан жәрдем берилди. Сондай-ақ, турақ жайға мүтәж бир шаңараққа субсидия тийкарында 32 млн сум төлеп берилди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-июньдеги 402-санлы қарары тийкарында, Жоқары оқыў орынларында оқыўды қәлеўши ҳаял-қызлар ушын 8 ҳаял-қызға усыныс берилип, соннан Дурсын Мередова грант тийкарында оқыўға қабылланды.-Өмирлик жолдасым менен 3 перзентти тәрбиялап атырман,-дейди аймақ турғыны Зоя Юлдашева.-Кишкенелигимнен тигиўшиликке қызығаман. Сонлықтан тигиў машина алыў ушын кредит алыў мәселесинде ҳәким жәрдемшисине мүрәжат еткен едим. Мениң бул мүрәжатым инабатқа алынып, заманагөй тигиў машинасына ийе болдым. Ҳәзир аўылымыздағы ҳаял-қызлардың кийимлерин тигип, хожалығымды бағып отырман.Жоқарыда айтып өткенимиздей, соңғы жыллары аймақта бир қатар унамлы өзгерислер жүз бермекте. Буны аймақ халқының кеўил-кейпиятынан да сезсек болады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы