Быйылғы аномал суўық себепли электр тәмийнатында машқалалар бақланды. Бул болса орынларда қуяш панеллерин орнатыў жумысларын әдеўир жанландырды.
Қуяш панеллериниң орнатылғаны жақсы, әлбетте. Бирақ онда нелерге итибар бериў керек? Қуяш панеллерин орнатыў ушын қандай талапларға әмел етиў керек?
Усы сораўлар бойынша «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизацияластырыў инженерлери институты» Миллий изертлеў университетиниң кафедра баслығы, техника илимлериниң докторы Дилшод Қодиров пенен сөйлестик.
– Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў қандай нәтийже береди?
– Елимизде қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў бәринен бурын, электр энергия ислеп шығарыў дәреклерин ҳәр түрге ендиреди. Углеводород ресурсларын қазып алыўды азайтыў арқалы келешек әўлад ушын резервлер сақланады. Газден пайдаланыў тийкарында ислейтуғын электр станциялар азаяды. Энергетика ҳәм экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў сондай-ақ, электр энергиясының талапларын толық жақсылаўға имканият береди.
– Мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қайсы түрлеринен кеңнен пайдалана аламыз?
– Мәмлекетимизде қуяш, самал ҳәм киши суў ағымлары энергиясынан пайдаланыў нәтийжели. Қуяш энергиясының тартымлылығы оның таўсылмайтуғыны, дүньяның қәлеген жеринде бар екенлиги ҳәм экологиялық тазалығы менен байланыслы. Халықаралық энергетика агентлиги экспертлериниң есап-санақларына бола, 2050-жылға келип инсанияттың энергияға болған талабының 45-50 проценти қуяш энергиясы жәрдеминде тәмийинлениўи күтилмекте.
Қуяш энергиясынан тийкарынан еки түрде пайдаланыў усылы бар. Биринши усыл, қуяш коллекторы жәрдеминде суў 150 градус температураға шекем қыздырылады, соң имаратты ысытыў ямаса ыссы суў тәмийнатында пайдаланыў мүмкин. Екинши усыл кең тарқалған болып, қуяш энергиясынан электр энергиясын алыўда ярым өткизгишли фотоэлемент – қуяш панеллери (қуяш модули) жәрдеминде алынады. Ҳәзирги күнде ярым өткизгишли қуяш элементлери жәрдеминде электр энергиясын ислеп шығарыў пәти кескин артып бармақта. Қуяш панеллерин қуяш нуры ең көп түсетуғын имарат төбелерине орнатыў нәтийжели болып есапланады.
Қуяш панеллерин ислеп шығарыўға бола ҳәр қыйлы өлшемлери ҳәм түрлери бар. Қуяш модуллери 0,4 ден 2,5 м2 өлшем аўырлығында болады. Олардың өлшемлери қуўатлылығына тиккелей байланыслы. Ҳәзирги ўақытта 600 Вт қа шекемги панеллер бар. Ҳәзирги күнге келип жаңа материаллар тийкарында ФИК 45 процентке шекемги қуяш панеллерин ислеп шығарыў бойынша дүньяның илимий изертлеў лабораторияларында көплеген изленислер алып барылмақта.
– Қуяш панеллери елимизде де ислеп шығарыла ма?
– Өзбекстанда қуяш панеллери ислеп шығарылмайды, тийкарынан Қытайда ислеп шығарылады.
– Қуяш панеллерин орнатыў талабы қандай? Қай жерлерге ҳәм қандай тәртипте орнатыў керек?
– Қуяш панеллери қуяштан келип атырған радиацияны электр энергиясына айландырады. Максимал энергия алыў ушын қуяш радиациясы панел бетине максимал дәрежеде тик түсиўи керек. Панеллер бетинде жутылмай қайтқан жақтылық энергия генерациясында ислемейди. Соның ушын, хожалыққа қуяш панеллерин орнатыўда профессионал жойбарға сүйениўи зәрүр. Қоңсыңызға туўра келген жойбар сизиң өзиңизге туўра келмейди.
Оның ушын үйиңизде қуяш панеллери орнатылатуғын орын күн даўамында қуяштан келип атырған энергияны максимал дәрежеде тик жағдайда қабыл етиўи ушын шараят болыўы керек. Онда панеллерди орнатыў мүйеши, панеллер конфигурациясы әҳмийетли роль атқарады. Панеллерди орнатыў мүйеши жайласқан локацияда қуяшқа жайласыў есапқа алынады. Бул есап-санақларды әмелге асырыўда арнаўлы қурылмалар ҳәм спутник мағлыўматларынан пайдаланылса, сондай-ақ, өлшем оғада анық алынса, панеллер күтилген нәтийжеге максимал жақынласады.
ӨзАның хабаршысы Нигора Раҳмонова сәўбетлести
Қарақалпақстан хабар агентлиги