Кегейли районы дүзилгенлигиниң 95 жыллығына

XIX әсирдиң екинши ярымында қарақалпақлар Хийўа ханлығының пуқаралығында жасады. 1873-жылы патша Россиясы Хийўа ханлығын жаўлап алғаннан соң, Гендимиан шәртнамасына муўапық Әмиўдәрьяның оң жағасындағы қарақалпақлар рус патшалығына қараған. Бул жерде Әмиўдәрья бѳлими дүзилип ол еки участкадан Шымбай ҳәм Шорахан участкасынан ибарат болды. Орайы Петро-Александровск қаласы еди. Ал Әмиўдәрьяның сол тәрепиндеги қарақалпақлар әдеттегидей Хийўа ханлығының қурамында 1920-жылға шекем қалған.

1917-жыл ўақыяларынан соң Әмиўдәрья бѳлиминде 1917-жыл декабрьде совет ҳүкимети орнатылып, Түркстан АССРы Сырдәрья ўәлаятына қараслы Әмиўдәрья бѳлими болып дүзиледи. 1920-жылы совет ҳәкимияты тәрепинен Хийўа ханлығы сапластырылғаннан соң Хорезм Халық Совет Республикасы шѳлкемлестириледи. Сол жағалық қарақалпақлар усы республика қурамында жасады. 1923-жылы орайы Хожели қаласы болған қазақ-қарақалпақ автоном ўәлаяты ХХСР қурамында дүзилди.

1924-жылы Орта Азия миллий мәмлекетлик шегараланыў ѳткерилгеннен соң, Әмиўдәрьяның еки тәрепиндеги қарақалпақлар бирлестирилип 1925-жылы 16-февральда Қарақалпақ автономиялы область болып Қазақстан АССР қурамында шѳлкемлестирилди. Елди басқарыўды жақсылаў ҳәм ықшамлаў мақсетинде 1927-жылдың 3-июлинде Қарақалпақстан Автономиялы областының Атқарыў комитетиниң қарары тийкарында Қарақалпақстан областы сорамын районларға бөлиў илажлары  исленип шығылды. Усының нәтийжесинде Автономиялы областьтың төрт округи енди 10-район , 112 аўыллық кеңеске бөлинди. Соған тийкарланып 1928-жылдың басында Кегейли ҳәм Жаңабазар волостьлықлары тарқатылып, оның негизинде Кегейли районы шөлкемлестирилди. Районның орайын ҳәм оған қарайтугын сорамның шегараларын белгилеў 1928-жылдың биринши ярымына дейин  даўам етеди. Нәтийжеде жаңа районға қубласындағы Төктиң таўы, күн шығысында «Қуўанышжарма»  каналынан ямаса ҳәзирги Нөкис районының дерлик 90 процент жери, арқасы Шымбай районы «Тазғара» дан берман қарап «Кегейли»  каналының күн батар тәрепи арқасы Қусхана  таўы , Порлытаў таўларынан қайтып Кегейли районы сорамына тийисли болған. Сондай-ақ арқа күнбатары 12-аўыл, «Бахытлы», «Майжап» совхозларына дейин барған. Басқарыў сорамындағы жер көлеминиң үлкенлигинен Кегейли районы сол дәўирде Қарақалпақстанда алдынғы орында турған. [Ж.Моянов. Кегейли тарийх жылнамасында. Нөкис «Билим» 2009-ж]

1928-жылдың 6-август куни «Аяқ ҳәўли» ямаса «Аяқ аўыл» деп аталатуғын ҳәзирги Кегейли районының орайының күн шығар тәрепиндеги Мамыт ахунның Мешит жайында районның дүзилгенин жәриялаў мақсетинде район белсендилериниң конференциясы болып өтеди. Мине усы күни Кегейли районының шөлкемлескен күни ретинде аталып  киятыр. Бул әнжуманда мәдений ағартыў, салық ислери, талапшы қосшылар уйымын шөлкемлестириў батрак ҳәм гедейлер ислери бойынша мәселелер қаралып тийисли шешимлер қабыл етилген. Кеңсе ушын ақ отаўлар тигилип , районға басшылық ететуғын мәкемелер өзлериниң дәрежеси менен оларға жайласып, ел басқарыў исин жүргизе берген.[«Кегейли турмысы» газетасы. 1999-жыл, 12 март]

Кегейли районының шөлкемлесиўи менен бирге 1928-жылы дәслепки үш колхоз дүзилген. 1929-жылы оның саны 33 ке жетти. Бул колхозлар тийкарынан 15-20 хожалықты бириктирип, егислик жерлери де азғана 30 гектардың дөгерегинде болған. Қуўанышжарма, Кегейли каналларын қайта реконструкциялаў ҳәмде қазыў жумыслары басланып кетти. Бирақ усындай жумысларға қарамастан Шымбай районында суўғарылып егилетуғын егислик жерлер азайып кетти. Буның себеби Кегейли ҳәм Қуўанышжарма каналларынан суў алып келиў оғада  қыйын болды.  Оның үстине Кегейли  ҳәм Қуўанышжарманың сағалары есапланған Көкөзек ҳәм Пахтаөзек арналары қолайсыз жерге жайласқан еди. Оны ҳәр жылы Әмиўдәрьяның нәўпир суўы астынан геўлеп жығып ҳәм дегиш алып кете беретуғын еди. Соның ушын да, Қызкеткен каналының сағасын Тақыятастан 2 км төмениректен алыў мақсетке муўапық деп табылды. [ Көрсетилген дәрек]

1959-жылы Куйбышев районы Кегейлиге қосылып  оның территориясы жәнеде үлкейди. 1969-жылы Кегейли районынан тийкарынан толығы менен Нөкис районы , 1979-жылы Бозатаў районы бөлинип шықты ҳәм олар ҳазирги күни өз алдына район сыпатында раўажланыў жолында.

 

Саламат СУЛАЙМАНОВ,

тарийх илимлериниң кандидаты, доцент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги