Бул дүнья — жаратыўшаңлыққа ықласлы кимлердур пүткил өмирлерин сарп етип қурып, және бийбастақ кимлердур тәрепинен бузылып ойран етилип атырған имаратқа мегзейди. Кимлердур нәлше тигип бағ көгертеди, басқа биреўлер болса оның жемисинен татармыз дегенлердиң үмитлерин пуш­қа шығарып оны шаўып, кесип қастын тигеди.

Аңлы-саналы инсаният ямаса дүнья усы жоқары раўажланыў шеклерине аңсатлықта жетип келмеген. Түрк шайыры Назым Ҳикметтиң: «Мен жанбасам, сен жанбасаң, ол жанбаса, онда ким жанар?…» деп сүренлегениндей елин-журтын сүйетуғын,  оған жан күйдиретуғын азаматларының «халқымның илим-билим менен көзин ашаман, ўатанласларым ҳешкимнен кем болмаўы керек!» деген пидайылық хызметлери арқасында өсип-раўажланған.

Дүньядағы Биринши муғаллим деп аталыўшы Аристотельден кейинги  Екинши муғаллим жадидшилер баслаўшысы Исмайлбек Гаспрали, түркий әлемде Үшинши муғаллим Ал Наср Фарабий  сыяқлы данышпанлардың ақыл-шырағынан тараған нурлар сол узақ дәўирлерден бери адамзат кеўиллерин жақтыртып киятыр. Ҳәр бир халықта да болатуғыны сыяқлы, бизиң миллетимиздиң де не-не уллы тулғалары болған, сол себепли де сонша қатал сүргинлерди бас­тан кешсе де жойтылып кетпей өзлигин сақлап қалыўдай зор ығбал-бахытқа жетискен. Соның ушын да, олардан кейинги ҳәр бир әўлад бул уллы ата-бабалар руўхлары алдында бәрҳама қарыздар. Бул қарыздарлық — олардың жолына садықлық, яғный, көз қарашығындай сақлап келген Аллатаала тәрепинен еншимизге тийискен Ана-жеримизге, миллийлигимизге деген қырағылық, перзентлик меҳир-муҳаббат, гүресшеңлик, илим-билим менен қуралланыўлардан, халқының исениминен шығыў ҳәм үмитлерин ақлаўдан ибарат.

Қайсы бир грек даныш­панының: «Жердиң мәйли, ең-ең түпкириндеги қай бир елде, мәйли, бир адам болса да билим ийелеп камалға келиўи пүткил дүньяның, адамзат жәмийетшилигиниң жетискенлиги» деп айтып кеткениндей, халықтың да, ҳәр бир инсанның да сол дәрежеге жетисиўи аңсатлық та жүзеге келмейди, узақ процессти, излениўшиликлерди талап етеди. Усындай машақатлар менен ийе­ленген «бийиклик» бизиң күнимизде ўатанласларымыз тәрепинен қалай меңгерилип атыр? Төменге қулдырап, кери кетип атырған жоқпыз ба?

Биз бүгин дүньяға сер салың­қырап қараўымыз керек. Қарағанда да қуры маңлайдағы көзимиз бенен емес, көкирек көзи, ақыл көзи, илим-билим көзи менен қараўымыз керек. Заман­ға, әтирапымыздағы халықларға, өзимизге, өз ишимизге, аң-сезимимизге қараўымыз керек. Кешеги  өтип кетти, енди изге ай­лан­шықлап: бурын ондай еди, бундай еди деп бурынғы менен жасай бермей, бүгинимизге, ертеңимизге қараўымыз керек.

Ҳешкимнен кем болмаўға умтылыўымыз, халқымызды, салт-дәстүр, үрп-әдетлерин әлбетте, биринши нәўбетте, Ана-тилимизди сақлаўымыз ҳәм қызғыштай  қорыўымыз, аўдырмай-талдырмай, алдымыздағы  алыс-алыслардағы дүрким-дүрким келешек әўладлардың табасына қалмай өз мәнзиллерине   дин-аман жеткериўимиз ти­йис.

Дүньяның, өмирдиң, жасаўдың өзи турысы менен машақатлы машқалалардан ибарат. Олардың шешилгенлери санаўлы, шешилмегенлери басыңды көтерип болмас дәрежеде көп.  Инсанияттың усындай пайытлары кеўлинен, тилинен ең көп кешкен ҳәм еле де кешетуғын сөзлер: «Не ислеў керек?!» Аўа, бизиң халқымыздың да бундай мәселелериниң көплиги сонша ҳәр адымда аяқ басқысыз. Әне, жаңағы сөзлерди және қайталаў зәрүрлиги туўылмақта. — Онда не ислеў керек?! Бул саўалды ҳәрким өзине бериў керек. Жуўабын бирге излесип табыў керек, бирге  иске асырыў керек.

Биз, неге оқығанды қойдық? Жоқ емес, бирақ, жүдә гене азшылықты қурайды. Руўхыйлыққа ямаса оның сағасы болмыш әдебият, мәденият, газета-журналлар, күнделикли ғалаба хабар қуралларына неге дыққатымыз, ықласымыз кемейип кеткен? Күн-көрисимиз жүдә төмен бе, яки бир-еки сом пулды көзимиз қыймай ма? Улыўма, бул мәселеде аяғымыздан тартып, жолымызға кедерги болып атырған өзи, не? Бул немқурайдылық иллети жәмийетшиликте қая­қ­тан пайда болып атыр? Көпшиликке айып тағыў орынсыздай, бирақ, мәселен, бир ўақытлары 100 мыңлап басылып турған «Еркин Қарақалпақстан» газетасының  усы күнге 500 дана, 34 мыңнан зыятлаў болып шыққан журнал бүгинги күни 100 данаға да жетпеди деў не деген сумлық. Өзимиз ҳеш гәп, көзимиз де, қулағымыз да үйренип, етимиз де өлип кеткен. Сырттағы, қоңсы халықлардың алдындағы масқарашылығын айтсеш?

Биз көп жағдайларда өзимиздиң кемшиликлеримиз көринип турса да мойынлағымыз келмейди, қарсыласып, тамаққа суў бүркисип, жаға жыртысыўға шекем барамыз. Әттең, бундай дүзетиўимиз тийис  тәреплеримиз жүдә-жүдә көп. Мәселен, халықтың арасында мынандай бир гәп бар. Миллетимиз ўәкиллериниң қайсы бири, ямаса топарының нәкаслығын көрген басқа миллет адамы шыдамай кетип: «Қарақалпақты сөгип, тил тийгизейин десем ишинде Имам ийшаны да қосылып кетеди-дә?» деген екен. Сол айтылғанындай бизиң тилге тийек етерлик нуқсанларымыз баршылық. Бирақ, «Жаман перзент атаға сөз келтирер» – дегендей пүткил бир халықты сағал-аяққа шығарыўға да болмайды? Бундай алаяқлар ҳәр ел, ҳәр жер, ҳәр миллеттен де қазанға салған өкпедей қал­қып шығатуғыны турған гәп. Сәл нәрсеге, (бул, сәл нәрсе емес-тә), «бизиң халық» деп оның муқаддес исмин ҳәр жерге тығылыстырып жаман ат таға бериў де жараспайды. Бирадарлар? Ең болмаса халқымызға сөз келтир­мейик. «Ҳалын билген-данадур» – дегендей отыратуғын-туратуғын, өлетуғын-тирилетуғын, не сөйлеп, не қоятуғын жеримизди билейик? Өзимизге өзимиз бек болайық. «Бир қарын майды бир қумалақ ширитпесин?»

Миллетти, халықты, жәми­йетти раўажландырып ҳәм ыдыратпай  сақлап туратуғын бирден-бир қурал — бул, әдебият, мәденият. Басқа тараўларды кемситпеген ҳалда анығынан келетуғын болсақ, буларсыз ҳеш-ҳеш алға жылжыў болмаған, болмайды да. Ҳәрким ишип-жеп, кийип, – дегендей көп қатарлы жасай бериўи мүмкин. Бирақ, кеўил дүньясында халқына, туўған жерине деген сүйиспеншилик жоқ екен, бундайлар «мәзи сүлдер» деп аталады. Миллетти, миллий сезимлерди тәрбиялаўдай теңи-тайы жоқ әдебият пенен тилдиң руўхыйлық жақтан байытыў ҳәм өзиншелигин сақлаўдай тәсирлерисиз  ҳешбир халық, ҳешбир миллет өзлигине, өз атамаларына ийе бола  алмаған болар еди.

Биз, сол саланың адамы бол­ғаннан кейин өз көмешимизге күл тартып отырғанымыз емес. Барлық-барлық дөретиўшиликлердиң сағасында Ана тилимиз ҳәм көркем әдебият турғаны ҳеш бийкарлап болмайтуғын ҳақыйқатлық. Бул, көзге көринип тур, дәлиллеп отырыўдың зәрүрлиги жоқ. Қуры гәп болмаў ушын тек композитор я художниклерди сөз арасына қыстырып өтейик. Операларды айтпағанның өзинде күнделикли турмысымызда ҳәр күни адым сайын ушырасатуғын нама қосықлары-ше?? Олар тәсирлениўшиликти қаяқ­тан алған, кеўиллеринде мәўижли сезимлерди бинят еткен усы дәрежеге қалай жетискен? Әлбетте, әдебият. Пүткил жәмийетшиликте руўхыйлықты әдеп-икрамлық, мүриўбетшилик сыяқлы  пазыйлетлерди көркем шығармаларсыз иске асырып болмайды. Әдебият дегенде, тек, поэзиялық, прозалық шығармалар емес, театр сахналарында, кино экранларында қойылатуғын қай-қайсы бир дөретпениң де арғы шығысы жазыўшы, шайыр, драматург ямаса сценаристлердиң хат-қәлемлерине барып тақалады.

Усылардан келип шыққан ҳалда бизиң руўхыйлығымыз бул барыста жүдә қыйын жағдайға яғный, тубалаўшылыққа түсип, оннан шығысыў жүдә қыйын, ақыры аўыр ақыбетлерге барып соғыўы мүмкин. Бул, гейде бир тапқаны, бир тапқанына жетпейтуғын әпиўайы халықтың айырым қатламларына емес, қалталы байлар, ат сүрип жүрген ҳәмелдарлардың бийпәрўалықлары салдарынан, дурыслы басшылық ете алмаўынан  усындай туйыққа барып тиреледи.

Немқурайдылық, бийпәрўалық дегеннен шығады. 1996-2009-жыллар аралығында «Еркин Қарақалпақстан» газетасында бас редактор орынбасары болып иследим. Соған шекем де, яғный, 1977-жылдан баслап «Жеткиншек» газетасынан басқа барлық басылымларда, баспада, радио-телевидениеде хызмет еттим. Нешше әдиўли ағалардың ақыл-кеңеслерин тыңлап, изине ерип, усы тараўдың жуқа, бирақ, татымлы да нанына қәнәәт етип жасағанбыз. Нешше қатар-қурбылар менен әдебият, мәденият аталмыш арбаның өз шегимизге түскен аралықта тоқырамай жүрип өтиўине бирликте ат салысқанбыз. Айтайын дегеним, пүткил ели-журтымыз дыққатындағы усы көшбасы газетаның хызметкериў-хабаршылары, ҳәр қыйлы тараўлардан жазатуғын авторлары нешше жүзлеген болса, ал, оқыўшылары-жазылыўшылары жүз мыңлап санды қурайтуғын еди. Сонда көплеген адамлар менен жақыннан ислесиўимизге, айырымлары менен телпек дирилдеспекке шекем барыўмызға туўра келген. Жасы да, дәрежеси де үлкен, айырымлары қатар усы алым, жазыўшы, ша­йыр, журналист ағалар, дослар менен сәўбетлесиўимиз барысында өз хызмет ўазыйпама киретуғын — жазылмай, айтылмай атырған машқалаларды көтерип шығыў бойынша, әсиресе, руўхыйлығымыз дөгерегиндеги мәселелерди шешиў әтирапында оларға мүрәжат етилип, газета бетлеринде ашықтан-ашық сөйлесип ой-пикирлери менен ортақласыўды өтиниш етиўди кеңде қылмағанбыз. Лекин, жоқарыда тилге алып өткенимиздей, «әттең?» дейтуғын жағдайлар жийи-жийи болып тур­ған. Көпшилигинен орыс тилиндеги сөз бенен айтатуғын болсақ, «реакция» болмаған. Не себеп бундай? Буған сол ўақытлары жуўап таба алмағанман. Тек, өкпем исинип, кеўлим қалған. Ҳәзир ойланып қарасам, оларды жөнсиз жазғырғанман ба, я дурыс па? Ақыры, кимниң қалай жасап, шаңарағында қандай күн көрис көрип отырғанын билмеймиз. Бәлким, ўақты болмағанды, бәлким енжарлық, бәлким ой-өриси жетпеген, ямаса сезиниў, қызығыўшылық, тәсирлениўшиликтиң кемлиги сыяқлы нуқсанлардан болса керек. Қандай жағдайда да бәрибир бир жағынан қәнигелиги (тәме еткендей адамнан дәме етесең), бир жағынан азаматлығы, ҳәрким де өз ўақты, өз заманында усындай халықлық жүкти ийинлесип өз мәнзиллерине елтисиўге ҳәрекет етиўлери дәркар еди.

Бул, тақыр жерден шаң шығарып, жоқ жерден жыр табыў емес. Бул сөзлер күйгеннен айтылыўда. Себеби, ўақыттан, өзимизге берилген өмирден дурыс пайдаланып, халқымыз, миллетимиз,  өзлигимизди улығлаў арқалы ўатанласларымыз көкирегине туўған жер, перзентлик миннетлер сыяқлы пазыйлетлерди орнықтырып барыўдай кешиктирип болмайтуғын ўазыйпалардан шетте қур қол қалыўдай қорқыныш ақыбетлериниң көзге көринип турғаны?

Ақыры, усы елдиң ҳәр бир азаматынан ким болыўынан қәттий-нәзер ҳеш-ҳеш умытып болмайтуғын, бәрҳама  ядында сақлаўға миннетли бир ўазыйпа бар. Бул,  қандай кедергилерди де бузып-жарып ығыстырып үзликсиз даўам еттирилиўи,  сақланыўы, раўажландырылыўы тийис миллийлигимиз мәселеси. Биз халқымыздың, Ана-Ўатанымыздың мәңгибақый бар болыўын,  оның бир перзенти болып ҳәм үрим-путақларымыздың да: «Бизлер, қарақалпақлармыз?» деп мәрдана жасаўын қәлер екенбиз, өзлигимизди умытыўға ҳеш ҳақымыз жоқ. Буның ушын не ислеў керек? Саўал бериў аңсат. Оған жуўап бериў, бергенде де өз ис-ҳәрекетимиз бенен ыла­йықлы жуўап бериў қыйын. Бул жолды тутпаған, билмеген адам  ушын мүшкил. Тек те, сүйиспеншилик, садықлық,  жоқары руўхыйлық  пенен жантасыў ғана оның шешимин табыў тетиклеринен есапланады.

Сондай екен, сөзди узақтан орағытып отырғанымыздың түп мақсети де миллийлигимиздиң баслы  нышанлары үрп-әдет, салт-дәстүр ҳәм тилимиздиң сақланыўы ушын басымызды ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге тигип болса да ҳәрекет етиўден ибарат болмағы  керек. Сонда, бизиң көсеўимизди көгертпейтуғын қандай да аңлып жүрген душпанларымыз бар ма? Олар кимлер? Лекин, оларды узақтан излеў де  шәрт емес. Булар, бийпәрўалық, өзи-боладылық, ойсызлық, руўхый жарлышылық сыяқлы өз ишимиздеги кертартпалығымыз. Демек,  бул өзине-өзи душпанлар бизлер өзлеримиз. Адам да өзине-өзи душпанлық қастыянлық етиўи мүмкин бе деген ойға барарсыз. Жоқарыдағыдай иллетлери бар ҳәрким де өз аяғын өзи шалыўшы, өз бармағын  өзи кесиўге шекем бара алады. Усындай  адамлар көпшиликти қураса, демек, пүткил бир халықтың миллийлигин  дегиш алып баслады деген сөз. Бир өлимнен басқа ҳәмме нәрсениң илажы болатуғыны сыяқлы ҳәрекет етилсе, буның да алдын алыў мүмкиншилиги жоқ емес. Ашшыны ашшы алар дегениндей, бул ықпашылық бәлесине шыпа болатуғын да, бул қәтеликлерди дүзететуғын да,  басқалар емес, бул, тек те өзлеримиз.

Ертеректе, уллы әдебият сыншысы Белинскийдиң «Әдебий арзыўлар» атамасындағы шығармасын оқығаным бар. Сонда халықтың  миллий белгилери ҳаққында:  үрп-әдет, салт-дәстүр, ана тили ҳәм музыкасы деп тилди кейинирекке қойып жазғанына таңланған едим. Соң-соң айы­рым халықлардың, миллетлердиң тәғдирлериндеги түрли себеплерге бола ҳәр қыйлы ишлей унырап-жемирилиўлер, бөлиниўлер  ақыбетинде тиллерин жойтыў  дәрежесине шекем барып жеткенлерин басылымларда оқып, телебағдарламаларда көргенбиз. Сонда ҳайран қалатуғын жери, өз тилин умытып кеткен халықлардың үрп-әдет, салт-дәстүр, миллий музыкасының сақлап қалынғаны. Қудайдың өзи  яр болғай, ана  тилиниң жойтылып кетиўин ҳешкимниң басына салмасын.

«Оқығанды қойған адам, ойланғанды да қояды…» Бул, мениң тапқан сөзлерим емес. Бул, аң-сана, жазыў-сызыў, оқыў, китаплар пайда болғалы турмыслық тәжирийбелерде әсиресе, жазыўшы-шайыр, художник, композитор сыяқлы дөретиўшилер тәрепинен талай тилге алынып, талай қолланған сөз. Ойланыў — демек, пикирлеў. Ҳеш бир нәрсе әўел пикирленбей турып басланбайды, иске аспайды. Оқыў — ярым ақылды пүтин етеди, пүтин ақылды дәне, яғный дана қылады деген. Бул жерде тек, әдебий көркем шығармалар емес, мектептен баслап орта арнаўлы,  жоқары оқыў орынлары да нәзерде тутылып отыр, әлбетте.

Ҳәрбир жазыўшы, шайыр  устаз-муғаллимшилик ўазыйпасын да атқарады. Олар — ана тилимиздеги бар, бирақ,   қолланылмай атырған шийки зат сыпатындағы сөзлерди өндириске киргизип айланысқа салыў, өз нызамлығына сай тазалығын сақлап, өсип-раўажланыўына ықпал жасап отырады. Олар хал­қымыз өтмишин шығармаларында сәўлелендирип жәмийетшилик нәзерине қайта усынып тарийхтан да сабақ береди.  Егер, олардың қайсы бир дөретпеси ҳақыйқый шығарма дәрежесине жетсе ҳәтте, бир халықтың, бир миллеттиң тәрбияшысына айлана алады. «Адам жанының инженерлери» деп аталатуғын усы қәлем ийелериниң көркем-әдебий китаплары кеўиллердеги ҳәрқандай олқылықларды толтырып, турмыста көрген-түйгенлери менен салыстырып, тәсирленип жуўмақ жасай отырып өз өмир жолларын белгилеп, бағдарлап барады. Усы айтылған­ларға азлы-көплеп қулақ қойғанлар менен, бундай «ўаз»ларыңа басының алды-арты да айланбайтуғынлардың арасындағы парқ айырмашылығы қандай? Оқыўға, үйрениўге ықласы кемлер басым көпшиликти қурайтуғын болса, онда бул, жәмийетшиликте үлкен өзлик жоғалтыўлар бастан  кеширилиўи мүмкин деген сөз. Ямаса хабарлар ағымын таратыўшы тармақлардың көбейип кеткенлиги басылымлардың жолына тосық, тоғанақ болып атыр ма? Усыны абзал көриўшилердиң саны да кем-кемнен өсип баратыр ма? Егер, сиз усы жолды мақул көрсеңиз бираз қәтеге жол қой­ған боласыз, өмириңизден көп нәрсени уттырасыз,  қурық басқан таўық мәйеклерин садақаға шығарып жибергендей, босқа кеткен, яғный оқымай, изленбей, үйренбей өткен күнлериңиз де демек, садақаға шыққаны. Буны, сезинген адам болса қәдирине жетип күни ертең-ақ өкиниште қалыўы мүмкин. Егер, бәри бир тийинге арзымайды деп қолын бир силтейтуғындай кеўилинде бундай сезим жоқ болса жүдә аянышлы.

Илим-ҳикмет, техника тез пәт пенен раўажланып атырған ҳәзирги дәўирде байланыс қуралларының бири қол телефонлардағы телеграмм тармақлардың, оған етбетинен қулаған талабанлардың арта түсиўи, әлбетте, тәбийғый ҳал. Бирақ, тереңирек ойланып ақылға салып ис еткен, яғный,  буның  ели-журты, миллетине тәсири туўралы сезинген адамда тәшўиш туўдырады. Бул сезиниў, бул тәшўиш соннан ибарат, бул күни ертең тарийх­қа айланатуғын бүгинимиз туўралы республикамыз турмысының дерлик барлық тараўлары қамтылып сәўлеленип жазылып барылыўының үзилиске түсиўи. «Газета-журналсыз да тарийхымызды жазыў менен шуғылланып отырған мынандай мәкеме бар» деп ким көрсете алады. Лекин, бүгинги күнниң қандайлығы сиз бенен бизге зәрүрлиги болмаса да, келешек әўладларға керек. Басылымлардың  миннети тек халық турмысын сүўретлеў ямаса тәсир етиўшилик пенен шекленип қалыўдан ибарат емес. Олар атқарып киятырған ҳәм атқарыўы күтилетуғын және бир ўазыйпа, бул — миллетимиздиң бирден-бир өзинше өзгешелиги ҳәм нышанлары, салт- дәстүр, үрп-әдет ҳәм ана-тилимизди сақлаў, раўажландырыў  мәселелери деп қайта-қайта тәкирарлаўға туўра келеди.

Қарақалпақ баспасөзиниң дөгерегинде жети насырыңды  бүгип жерге қарататуғын және бир жағдай, бизиң газеталарымыздың полиграфиялық жақтан заман талабына сай емеслиги. Журналистлик семинарларда ямаса басқа да дөретиўшилик сапарларда гүўасы болып жүргенимиздей, олардың газеталарының тиражының биздеги қарағанда бир-еки  емес, тап онлаған есеге көплиги, ҳәтте, районлық басылымларының жоқарылығы ҳәрқыйлы пикирлерге де барғызып, кимге мүрәжат етип, кимге шағыныўды да билмей ар-сарың шығады. «Гәптиң рети келгенде айтпасаң, өлгенде айтасаң ба» деген өзиңди-өзиң қайрайтуғын кекесинли бир сөз бар. Бул дегенимиз: ўақтында гүркиреп турған Нөкис полиграфиялық комбинатының меншиклестирилип, сатылып, бүгинги күни талан-тараж болып оннан намыў-нышан қалмағаны, редакциялардың,  баспалардың газеталарын, китапларын бастыратуғын жер излеп ҳәржақта қаңғып жүргенин айтсақ көз жасларымызды тек ишимизге жутыўға туўра келеди. Булардан түсетуғын бир-еки сомның да, өз қазнамызда қалмай, сыртта қаяқ­лардадур из-түссиз кететуғыны да жүдә ашынарлы ҳәм тынышсызландыратуғын жағдай.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң органы, баспа сөзимиздиң көш баслаўшы бас газетасы «Еркин Қарақалпақстан»ның тиражы 2-3-мыңға зорға жетип турғанда қоңсылас ўәлаятлар газеталары 20 мыңнан зыят, 30 мыңға шамалас, районларының өзи 10 мыңға жақын нусқаларда шығып турыўының сыры неде екен? Бирин айтып бирине кетемиз, «күйгеннен күй шығады» дегендей, басқа жерлердеги басылымлар ақ-қарадан қашшанлар ўаз кешип, бир нешше реңде шығарыўға көшкени қашшан. Ал, бизде болса, (онысыз да тиражы қарқ емес) баяғы таз кеби. Бир халықта бар нәрселер басқа халықларда да бар. Бир-биринде жоқ нәрсе тек газета-журнал сыяқлы басылымлары ямаса көркем өнери сыяқлы өзгешеликлери. Дүньяның басқа мәмлекетлери қашшан умытып кеткен бизиң усы әлимсақтан киятыр­ған ақ-қара реңли газеталарымызды қай бир қызығыўшылар сыртқа алып кетип сер салып көз жуўыртпайды деп ким айта алар? Сонда олардың көзқарасындағы бизлер ким деген адам боламыз, кеўиллеринде халқымыз, оның мәдений дәрежеси туўралы қандай сезим пайда етиўимиз мүм­кин? Булар, бир-биреўди табалаў, сөз бенен сабалаў, тил менен  орақ орыў, өзимизди ақ хожаның ақлығы етип көрсетип басқаларды күстаны қылыў емес екенин түсингейсиз.  Биз, ўәлаят я болмаса район емес, өз алдына халық, миллет, Қарақалпақстан Республикасы деген атқа ийе емеспиз бе? Усы уллы атқа ылайық болыў ушын ҳәрекет етип атырмыз ба, усы ҳәрекетти ҳәрекетке келтириўиши,  руўхый дүньямызда үмитлерди, исенимлерди  ақлағандай бир нәрселер бар ма, өзи?

Бәрибир, «бирақ», деген сөз алдымыздан тез-тезден көлденең шыға береди. Бирақ, «быламақты май келтиреди» дегендей айланып келгенде, бәри қаржы мәселесине барып тирелетуғыны аян. Ол қаяқтан алынады, оны ким береди? «Дийқандики жылда — әрман» – дегендей газеташылардың турмысындағы  бундай жағдай бир нешше жыллар бойы усылай даўам етиўде. «Суў­ға кеткен тал қармар» дегениндей «кеттим-кеттим…» де жүрек жал­ғағандай «қамыр ушынан пәтир» азын-аўлақ бир нәрселер берилип, «өмир»имиз усылай ўақытша болса да узарып киятыр. Бирақ, «қолдан бергенге қус тоймас»,-дегендей бул да қарын қалқытып жарытпайды.

Және, және де: не ислеў керек? -деген сөзлерге мүрәжат етемиз. Бизиң басылымларымыздың тиражлары жоқары деңгейлерди ийелеп турған ертеректе: «газетаның тиреги — хабаршылары ҳәм оқыўшылары»,-деген шақырық болатуғын еди. Ҳәмме-ҳәмме, пүткил халқымыз усы сүренге теңдей ҳаўаз қосатуғын, аяқ қосатуғын еди, «ҳәрекетке берекет»,-дегендей, ҳәрекетинде болатуғын, жазылатуғын, оқыйтуғын, руўхланатуғын, мәнаўий кәмбағаллық дегеннен жырақ еди.

Баспасөзимиздиң жәмийетшиликтиң дыққатынан бундай шетте қалып оған тилеклеслердиң кескин, төменлеп кетиў себеби неде? Бул, тек, Қарақалпақстанда ма ямаса пүткил дүнья ғалаба хабар қуралларына тийген ылаң ба? Газета-журналлар жазылыўшы-оқыўшыларының дийдинен шыға алмай атыр ма? Буған бәлким,  бас редактор ямаса  хызметкерлери заманға сай  аяқ қоса алмай атырған шығар? Шөлкемлестириўшилериниң яки тараў басшыларының итибарсызлығы ма? Ҳәрқыйлы хабарлар ағымы тармақларының көбейип кеткенлигинен бе?

Не болса да сондай бир уйыққа белшеримизден батқандаймыз. Бунда, ҳәр биримиздиң қандай дәрежеде болсын дыққатсызлығымыз бар. Ендиги жағында усы қыйыншылықлардан шығысыў жолларын қарастырып, «аўырыўын жасырған асқындырып алар», «кеселликти емлегеннен көре, алдын алған жеңил» – деп айтылғанындай баспасөзимизге де бирликте даўа излениў керек шығар?

«Көп қорқытады, терең батырады», «Көп болып көтерискен жүк жеңил», «Көп түкирсе-көл болар», – дегениндей сизиң, бизиң, ели-халқымыз баспасөзиниң тәғдири, демек, көпшиликтиң, демек, кең жәмийетшиликтиң ықлас-итибарына байланыслы екен, қәне енди, «бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып», руўхыйлық деген уллы кәрўанның аўып-талып бара­тыр­ған газета-журналлар аталмыш көшиниң дүзелип өз мәнзиллерине даўам еттирилиўине тилеклес болып, арбасын мешеўлесип қол-қабысымызды тийгизе алсақ, «әдебият жасаса — миллет жасайды» деп қайта-қайта зинҳарлап айтылып атырғандай халқымыздың, өзимиздиң, әўладларымыздың да  өмирлерин узартып, келешегимиздиң тәмийинлениўине ат салысып үлес қос­қан болар едик.

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ.

«Әмиўдәрья» журналы бас редакторы,

Қарақалпақстан халық шайыры,

Өзбекстанға мийнети сиңген журналист.

«Еркин Қарақалпақстан» газетасының

2023-жыл 23-февралдағы 20-санынан алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги