Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ Төрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Тақыятас районлары бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илажлар даўамында емлеў мәкемелерине жумысқа орналастырыўды ўәде еткен пуқаралар усланды.

Атап айтқанда, Департаменттиӊ Төрткүл районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илажда районлық медицина бирлеспесине қараслы орайдың хызметкери Б.А. пуқаралар Х.Н. ҳәм Н.И.диң исенимине кирип, оларды жоқары лаўазымда ислеўши танысларының жәрдеминде  2 мың 400 АҚШ долларына усы медицина бирлеспесине жумысқа орналастырыўды ўәде еткен. Соннан  200 АҚШ долларын қолға киргизип, қалған 2 мың 200 АҚШ долларын алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Сондай-ақ, Бас прокуратура жанындағы Департаменттиӊ, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Әмиўдәрья районлық бөлимлери тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда районлық медицина бирлеспеси туўыў бөлиминиң нәўбетши акушери Ш.Х. пуқара Г.Й.ди жоқары лаўазымда ислеўши танысларының жәрдеминде усы медицина бирлеспесине мийирбийке ўазыйпасына жумысқа орналастырып бериў ушын 1 мың 600 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Усындай жағдай Департаменттиӊ Тақыятас районлық бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында да анықланды. Көз микрохирургиясы орайы регионаллық филиалына қараслы Мәсләҳәт  поликлиникасының хызметкери  А.Д. пуқара Н.Н.ның исенимине кирип, оны жоқары лаўазымда ислеўши танысларының жәрдеминде  Нөкис қаласындағы поликлиникаға мийирбийке ўазыйпасына жумысқа орналастырып қойыў ушын  10 миллион сумды алған ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы