Өзбекстан саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Президентимиздиң усы жыл 16-февральдағы “2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының мазмун-мәниси ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша келип шығатуғын ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған қуяш панеллерин ислеп шығарыўшы, сатыўшы, орнатыўшы  исбилерменлик субъектлери ҳәм оларға кредит қаржыларын ажыратыўшы банклердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов басқарып барды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың жумысын раўажландырыў ҳәм оларға тийисли шараятлар жаратыў бағдарында бир қанша пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Бул пәрман ҳәм қарарлар  исбилерменликти жедел раўажландырыўға, инновацияларды енгизиўге, исбилерменлердиң еркинлигин тәмийинлеўге, олардың жолындағы ҳәр қандай тосықларды болдырмаўға, исбилерменлик пенен шуғылланыўды қәлеўшилерди қаржылай қоллап-қуўатлаў, түрли салық ҳәм мәжбурий төлемлерден азат етиўге,  жеңилликлер менен преференциялар бериўге хызмет етпекте.

Соның ишинде, “2023-жылы қайта тиклениўши энергия дәреклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарар тийкарында быйылғы жылы бул бағдарда айтарлықтай  жумысларды әмелге асырыў режелестирилген. Атап айтқанда, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклик тийкарында 27 ири қуўатлылықтағы қуяш ҳәм самал электр станциясы, жәми 11 мың исбилерменниң жай ҳәм имаратында қуяш панеллери орнатылып,  киши фотоэлектр станциясы, аймақларда 103 киши ҳәм микро  гидроэлектрстанция қурылады. Сондай-ақ, 20 мың мәмлекетлик мәкемеде, 37 мың шаңарақта киши қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дәреклери аппараты орнатылып, 5 мың 407 мәкеме ҳәм шөлкем көмир менен ысытылады.

Усы жылдың 1-апрелинен киши қуўатлылықтағы (улыўма қуўаты 50 кВт ге шекем ) қуяш панеллерин орнатқан шаңарақларды хошаметлеў ушын “Қуяшлы шаңарақ” бағдарламасы әмелге асырылады. Бағдарлама шеңберинде халық тәрепинен қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған артықша электр энергиясының ҳәр бир киловатт-саатына 1 000 сумнан субсидия ажыратылады.

Қарарға муўапық мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм басқа шөлкемлердиң жай ҳәм имаратларында киши қуўатлылықтағы қайта тиклениўши энергия дереклери аппаратларын орнатыў ҳәм эксплуатациялаў бойынша жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги “Жасыл энергия” компаниясы дүзилди.

Семинар соңында  акционерлик-коммерциялық “Ѳзсанаатқурылысбанк” тәрепинен физикалық тәреплер ушын қуяш фотоэлектр станциялары, қуяш суў ысытқышлары, самал генераторлары, қуўатлылығы 1 МВқа шекемги ҳәм киши гидроэлектростанциялар, биогаз ислеп шығарыўшы үскенелер, қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмалары, энергия сақлаў системаларын сатып алыў ушын базалық есаплаў муғдарының 500 есесине шекем (яғный 150,0 миллион сум) ажыратылатуғын кредит қаржылары туўралы кең түрде түсиник берилди. Бул кредит қаржылары жыллық процент ставкасы Ѳзбекстан Республикасы Орайлық банки қайта қаржыландырыў ставкасы (15процент)  муғдарында 5 жыл мүддетке 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен ажыратылады.

Сондай-ақ, халыққа қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде қуяш панели ҳәм гелиоколлектор сатып алыў ушын 50 миллион сумға шекемги кредит онлайн микроқарыз кѳринисинде банктиң “Жойда” мобил платформасы арқалы ажыратыў жолға қойылған. Онда қуяш панели ислеп шығарыўшылар менен шериклик жолға қойылған ҳалда қуяш панел сатып алыў ҳәм жеткерип бериў хызмети мобил платформаға киргизилген. Ҳәзирги күнде Ташкент қаласында усы платформа арқалы қуяш панелин сатып алыў ҳәм жеткерип бериў әмелияты жолға қойылған. Усы әмелиятты Нѳкис қаласында енгизиў бойынша жергиликли қуяш панели ислеп шығарыўшылар ҳәм жеткерип бериўшилер менен келисимлер дүзиў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта.

Буннан басқа, киши ҳәм орта бизнес субъектлери ушын энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тикленетуғын энергия ислеп шығарыў, эко-транспорт ислеп шығарыў ҳәм сатып алыў, имаратларды энергияны үнемлеўшиге ѳзгертиў, шығындыларды азайтыў ҳәм қайта ислеў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энерго-аудит ѳткериў қәрежетлерин ҳәм басқа “жасыл” жойбарларды қаржыландырыўда айланба қаржыларды толықтырыў ушын 12 айға шекем, инвестициялық жойбарлар ушын 60 ай мүддетке шекем кредит қаржылары ажыратылады. Кредит қаржылары 22 процент үстеме ҳақы тѳлеў шәрти менен 5 жыл мүддетке 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен ажыратылады.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.










Қарақалпақстан хабар агентлиги