Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 2-февральда қабыл етилген «Ҳаўа температурасы кескин суўып кетиўиниң экономикаға унамсыз тәсирин азайтыў ушын исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып салық системасында өзгерислер күтилмекте.

Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң 2023-жыл 1-январьға салыстырғанда 1-февральдың ҳалатына артқан (пайда болған) салық қарызын 2023-жыл 1-марттан 1-июльге шекем процентлерсиз, қосымша шәртлер қоймастан ҳәм тәмийнат талап етпестен тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеўге рухсат бериледи.

Исбилерменлик субъектлерине 2022-жыл декабрь ҳәм 2023-жыл январь-февраль айларында мәмлекетлик мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлемлерин 2023-жыл 1-марттан баслап 1-июльге шекем тең үлеслерде бөлип-бөлип төлеўге рухсат етиледи.

ӨзА