Қәнигелердиң сөзлерине бола, Арал апатшылығы климат шараятын қыйынластырып, жаз дәўиринде қурғақшылық ҳәм жәзийрама ыссыны күшейтиў, қыста болса суўық күнлерди созып жибериўден тысқары, бир қатар экономикалық, социаллық машқалаларды да келтирип шығарады.

Бул машқалалардың алдын алыў, Аралбойында экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халықтың саламатлығын қорғаў, теңиз қурыўының унамсыз ақыбетлерин жумсартыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Рим қаласында шөлкемлестирилген қоршаған орталық ҳәм суў ресурслары бойынша «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» жоқары дәрежедеги 7-конференциясының ашылыў илажында қатнасып атырған Өзбекстан Республикасы тәбият ресруслары министри А.Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеўинде конференция қатнасыўшыларының итибарын Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы глобал экологиялық машқалаларға қаратты.

Өзбекстан Президентиниң басламасы менен кейинги жыллары бул экологиялық машқаланы сапластырыў бойынша Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Аралбойы регионында кең көлемде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Арал теңизиниң қурып қалған бөлиминде экосистеманы жақсылаў, изертлеў ҳәм инновациялардың алдыңғы тәжирийбелерин енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жананыдағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайы ҳәм БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша ҳәр тәреплеме шериклик траст қоры шөлкемлестирилди ҳәм Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында БМШ Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясы қабыл етилди.

Сондай-ақ, тараў жуўапкерлери тәрепинен «Жасыл Орайлық Азия» басламасы шеңберинде регионаллық қарым-қатнасты беккемлеўди даўам еттириў, тәбийғый ресурсларды турақлы басқарыў, биологиялық түрлиликти сақлаў ҳәм басқа да перспективалы бағдарлар бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.

А.Абдуҳакимов конференция қатнасыўшыларын усы жылдың октябрь айында Самарқанд қаласында болып өтиўи режелестирилген БМШ Шөллистанлыққа қарсы гүресиў конвенциясының орынланыўын көрип шығыў комитетиниң 21-мәжилиси сондай-ақ, БМШ Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин қорғаў ҳаққындағы конвенциясының 14-тәреплер конвенциясы (CMS COP-14)нда қатнасыўға мирәт етти.

Конференцияда Қоршаған-орталық ҳәм суў ресурслары бойынша «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» платформасы, Қоршаған-орталық ҳәм климат өзгериўи бойынша жумысшы топардың кейинги жыллардағы жумысы нәтийжелериниң презентациясы болып өтти.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» жоқары дәрежедеги 7-конференциясы қоршаған-орталықты қорғаў тараўындағы жаңа басламаларды Өзбекстанда ҳәм Орайлық Азия регионында әмелге асырыўды додалаў ушын нәтийжели платформа болып хызмет етеди.

ӨзА