Бес қаланың бири болған Шымбайдың ең ески бөлимлериниң бири болған Көкшиқала елатында бүгинги күни қарақалпақ, өзбек, қазақ, қырғыз, уйғыр, рус ҳәм корейс миллетиниң ўәкиллери бир атаның балаларындай тыныш-татыў өмир сүрмекте.

Жыйын аймағы жети көшеден ибарат болып, оған 2019-жылы «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында қурылыс оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылған.

-Бағдарлама тийкарында 2,5 км аралықтағы көшелеримиз асфальтланып, қалған бөлимлерине қум шағыл-тас араласпасы төселди,-дейди жыйын баслығы Бахтияр Султамуратов.- Сондай-ақ, көшелеримиздиң барлығына ишимлик суў тармағы, 3 км аралыққа жақтыландырыўшы шырақлар орнатылды. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында мақтаўға ылайық жумыслар исленди.





Атап айтатуғын болсам, аймағымызда жайласқан 39-42-48-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери, 14-28-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң төбелери шиферланып, қурылыс оңлаў жумыслары жүргизилди. Аймаққа еки трансформатор қурылып,  Алламберген шыпакер, Ғәрезсизлик көшелерине  бетон бағаналар қурылып, заманагөй кабельлер тартылды.

Аймағымыздан депутат сыпатында сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың тиккелей жәрдеми менен аймақ халқын ағын суў менен тәмийинлеў мақсетинде, Кегейли ҳәм Тағжап каналларына суў насослары қурылып, жалғыз баслы Жолдасбай Гүлекеевке жаңадан турақ жай салып берилди. 2021-жылдың январ айында аймағымыздан «Жаслар мийнет гүзары» ашылды.

Жыйын баслығының атап өткениндей, соңғы жыллар Президент қарары,   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың тиккелей ғамқорлығы, аймаққа қәўендер сыпатында бекитилген Наўайы қаласының қоллап-қуўатлаўы менен көплеген ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте.

Соның ишинде, Наўайы қаласы ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде еки балалардың  ойнаў майданшалары, бир Street Workout  қурып берилип, 120 орынлық балалар бақшасы имараты жаңадан бой тиклемекте.

-Мен бул жыйын аймағында 30 жылдан берли жасайман,-дейди Үсен аға Қыдыров.- Аймағымызда балалар бақшасы жоқлығы себепли, халқымыз оған мүтәж еди. Район басшылары ҳәм Наўайы қаласы ҳәкимлигиниң басламасы менен халықтың тилек-усыныслары инабатқа алынып, аймағымыздан 120 орынлық заманагөй бақша имараты қурылмақта. Ҳәзир гербиш өриў, төбесин бастырыў жумыслары жуўмақланып, ишки пардозлаў ҳәм дөгереклерин абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Әлбетте, халқымызға көрсетилип атырған бундай ғамқорлықлар бизлерди шексиз қуўанышқа бөлемекте. Себеби, балаларымыз енди кең, жақты ҳәм заманагөй бақшада тәлим-тәрбия алады.

Соның менен бирге, аймаққа бириктирилген 1-сектор баслығы, район ҳәкими Айбек Тажетдиновтың ғамқорлығы менен еки кем тәмийинленген шаңараққа жаңадан жай салынып берилип, 3 жасқа көп қабатлы квартиралар саўға етилген.

–Буннан көп жыллар бурын үйиме от тийип, оның көпшилик бөлеги жанып кеткен еди,-дейди 71 жасар аймақ турғыны Бийсенбай Қутлымуратов.-Район ҳәкиминиң жәрдеми менен маған жаңадан жай салып берилди. Буның ушын елимиз басшыларына өзимниң миннетдаршылығымды билдиремен.

Усылар менен бир қатарда, аймақта жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша да бир қатар тилге тийек жумыслар әмелге асырылмақта.

-Өткен жылы 103 пуқараға коммерциялық банклерден 1 млрд 933 млн сумлық жеңиллетилген кредитлер алып берилди, – дейди жыйындағы ҳәким жәрдемшиси Раўаж Халмуратов. – Ҳаял-қызлар дәптерине киргизилген 9 пуқараға субсидия тийкарында 27 млн сумлық кийим тигиў машиналары алып берилип, тигиўшилик кооперациясы шөлкемлестирилди. 24 жасқа субсидия тийкарында фотоаппарат, кондитер өнимлерин писириўши печ, кепсерлеў үскенелери, тигиўшилик машиналары алып берилди.

Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги тәрепинен 19 жасқа 1млн 200 мың сумнан бир мәртелик ақшалай жәрдем, жоқары оқыў орынларында билим алыўшы 21 жасқа 61 млн сум муғдарындағы контракт пуллары, 3 жастың мүддетли әскерий хызмет ушын төлеми, 6 жастың автомобиль мектеби ушын төленетуғын пуллары төлеп берилген.

Соңғы жыллары Президентимиз қарары тийкарында республика ҳәм район басшылары, Наўайы қаласы ҳәкимлигиниң қоллап-қуўатлаўы менен жүргизилип атырған бундай унамлы өзгерис ҳәм жаңаланыўлар бүгин аймақ турғынларын қуўанышқа бөлеп, оларды жаңа мақсетлерге қарай басламақта.

Әлбетте, мақсет бар жерде, алға илгерилеў ҳәм раўажланыўлар болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы