Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ис жүргизиўине пуқаралық ислер бойынша Нөкис районлараралық судының 2022-жыл 25-майдағы орынлаў ҳүжжетине бола, жуўапкер «Дәўлетияр саўда Нөкис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен өндириўши «Микрокредитбанк» АКБ Қарақалпақстан Республикасы филиалының пайдасына 4 миллиард 700 миллион сум кредит қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети келип түскен еди.

Усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басқарманың айрықша әҳмийетли орынлаў илажларын әмелге асырыў cекторы тәрепинен ис қозғатылып, қарыздар жәмийеттиң банк есап бетине 2023-жылдың 10-январында электрон инкассо тапсырмасы қойылған. Соннан кейин усы жылдың 18-январь күни «Микрокредитбанк» тәрепинен қарыздар жәмийеттиң 4 миллиард 774 миллион сум қарыздарлығы толығы менен өндирилгенлиги билдирилген. Орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамның 41-статьясына тийкарланып, әмелде жуўмақланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги