Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының 2022-жыл 14-июльдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, қарыздар «Өзбекнефтгаз» акционерлик жәмийетинен мәмлекет пайдасына 3 миллиард 947,7 миллион сум мәмлекетлик бажы өндириў белгиленген болып, бул орынлаў ҳүжжети Бюроның Қоңырат районы бөлими ис жүргизиўине келип түсип, тийисли тәртипте орынлаў иси қозғатылған.
Орынлаў ҳәрекетлери даўамында «Өзбекнефтгаз» акционерлик жәмийетиниң Өзсанаатқурылысбанк Ташкент филиалындағы тийкарғы есап бетлерине бәнт қойылған ҳәм мүлклерин анықлаў жумыслары алып барылған.
Нәтийжеде қарыздар акционерлик жәмийетинен мәмлекет пайдасына өндирилиўи тийис болған 3 миллиард 947,7 миллион сум мәмлекетлик бажы толық өндирилип, орынлаў ҳүжжети Өзбекстан Республикасы «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында»ғы Нызамының 41-статьясы 1-бөлими менен әмелде жуўмақланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги