Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынларының жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық жумыслары бойынша тийисли жуўапкерлери қатнасыўында өткерилген семинар усы атамада шөлкемлестирилди.
Илаж институт студентлериниң республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар, спорт жарыслары, пән олимпиадаларында қолға киргизген табыслары, қол мийнети үлгилери, сүўретлеў өнери бағдарында жаслардың дөретиўшилик жумысларының көргизбеси менен басланды.
Семинарда институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров, ректордың ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Сайёра Бекчанова, профилактикалық инспектор, капитан Баҳадыр Машарипов, Физика-математика факультети деканының орынбасары Халмурат Есемуратов, жаслар аўқамы жетекшиси Байрам Гүлимбетовлар институтта жаслар тәлим-тәрбиясы мәселелери бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға кең түрде тоқтап өтти.
Жаслар тәрбиясы ҳәр қандай дәўирдиң оғада әҳмийетли мәселеси болып келген. Жасларда мәнаўиятты қәлиплестиретуғын тийкарғы фактор – бул тәлим-тәрбия системасы болып есапланады. Илим ҳәм ағартыўшылыққа, тәлим-тәрбияға инсанды жетикликке бағдарлайтуғын, миллет раўажланыўының баслы шәрти деп қараўымыз керек. Сонлықтан да, жаслар тәрбиясына ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап дыққат аўдарылып, физикалық жақтан саламат ҳәм руўхый жетик нәўқыран әўладты тәрбиялаў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди ҳәм мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.
Бүгинги күнде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 18 мыңнан аслам студент-жаслар билим алмақта. Жаслар тәрбиясы мәселелери менен тиккелей жумыс алып барыў жаслар менен ислесиў, руўхый-ағартыўшылық бөлими, декан орынбасарлары, мәлимлеме-ресурс орайы, социал-гуманитар бағдарлардағы кафедралар, сондай-ақ, жаслар аўқамы, ҳаял-қызлар кеңеси, спорт клубы ҳәм студентлер кеңеси сыяқлы жәмийетлик шөлкемлер, жаслардың басламаларын, қәбилетлерин жүзеге шығарыў орайлары және профилактикалық инспекторлар, тьюторлар, педагог-тәрбияшылар ҳәм институт психологларынан ибарат үлкен жәмәәттиң тийкарғы ўазыйпаларына киргизилген.
Бул бағдардағы жумыслардың усындай системалы жолға қойылыўы институт студент-жасларының илим, билимлендириў, көркем өнер, мәденият, спорт ҳәм басқа да бағдарларда жоқары нәтийжелерге ерисиўине тийкар болмақта.
Әсиресе, буның ишинде айрықша атап өтиўимиз зәрүр болған студентлер кеңеси Өзбекстандағы барлық жоқары оқыў орынлары арасында дәслепки жолға қойылған, жаслар менен ислесиўдеги өзгеше ҳәм нәтийжели структураға айланды.
2019-жылдан берли қәбилетли, зийрек студентлерди анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде жумыс алып барып атырған бул система ҳәр бир факультеттен оқыўда ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған жасларды қамтып алыўда үлкен тәжирийбе топлады. Жаслардың басламаларын әмелиятқа кеңнен енгизиў ҳәм жасларды хошаметлеў мақсетинде пүткиллей жаңаша система – студентлерге базалық стипендияның 50% ине шекемги муғдарда үстеме ҳақы төлеў әмелиятқа енгизилип, тек ғана 2022-2023-оқыў жылы даўамында бундай имканияттан 1500 ге шамалас студентлер нәтийжели пайдаланбақта.
Социаллық қорғаўға мүтәж болған студентлерден 304 жастың бир жыллық төлемли контракт пуллары министрлик, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Жаслар ислери агентлиги ҳәм институттың өз қаржылары есабынан төлеп берилди.
Соның менен бирге, ижарада жасайтуғын студентлердиң ижара төлемлерин төлеп бериў бойынша үлгили жумыслар алып барылып, атап айтқанда, 2021-2022-оқыў жылында 1200 ден аслам, ал быйылғы оқыў жылында 1500 ден аслам студентлерге ижара төлемлери төленди.
Семинарда баянатшылар тәрепинен жаслардың бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў, олардың арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес баслама шеңберинде алып барылып атырған жумысларды еле де көбейтиў, ҳаял-қызлар менен ислесиўдеги жаңаша механизмлер ҳаққында усыныслар билдирилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Абатбай Дәнияров сөзге шығып, жаслар тәлим-тәрбиясы мәселесинде әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди.
Сондай-ақ, барлық жоқары оқыў орынлары министрликлер, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен усы мәселе бойынша тығыз бирге ислесиўин жолға қойыў, жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша усынысларын билдирди. Институтта жумыс алып барып атырған студентлер кеңеси сыяқлы системаларды басқа жоқары оқыў орынларында да шөлкемлестириўди усыныс етти.
Семинар өз-ара пикир алысыўлар менен даўам етти.
Ислам Матеков
НМПИ баспасөз хаткери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги