Алдын хабар бергенимиздей, 22-март күни Қарақалпақстанның бир топар журналистлери Үстирттеги Барсакелмес дуз кәнине медиатур шөлкемлестирди.

Медиатурда мен де қатнасып, Үстирттиң жабайы тәбиятының айрым үлгилериниң гүўасы болдым.

 

Дуз кәни жанындағы чинклерге саяхат еткенимизде ол жерде бүркиттиң уясы бар екенлигин ҳәм оның төбесинде ана бүркит көкке пәрўаз етип, уясын қорғап жүргенин көрдик.

_ 

Қус уясы чинктиң адам аяғы жетпейтуғын бийик жеринде екен. Бирақ, чинктиң төбесине шықсаңыз оны көриў қолайлы болатуғынлығы көринип тур еди.

Ал бүркит уясының туўрысында, чинктиң етегинде өлип жатырған қарсақтың денесин көрип ҳайран болдық. Оның өлимин ҳәр ким түрлише жорыды. Мениң ойымша, қарсақ чинктиң төбесинен бүркиттиң уясына келмекши болғанда оған ана бүркит топылып, палапанларын қорғап, қарсақты төбеден түсип кетиўге себепши болған болыўы мүмкин.

Биз де бүркитти сескендирмеў, жабайы тәбиятқа ҳазар бермеў мақсетинде оның уясына жақын бармадық.

Чинк етеклеринде болса Үстирт өсимлиги – жуўсанның өсип енди ғана жасыл түске енип киятырғанын көрип Үстиртте де бәҳәр басланып атырғанлығынан кеўиллеримиз толды. Оның ийисин ийискеп, мен де қарақалпақ перзенти екенлигимнен, усы мәканда дүньяға келгенлигимнен ишлей мақтандым.

Бир күнлик саяхатта Үстиртимиздиң жабайы тәбиятынан бир көринис көргенлигимиз бәримизге бир дүнья сезим бағышлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген сүўретлери.