Өзбекстан жаслар аўқамының Қанлыкөл районлық Кеңеси тәрепинен Тармақ бағдарламасы тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 22-март күни «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» жойбары тийкарында Хорезм ўәлатындағы Хийўа қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

Саяхатта район аймағындағы улыўма билим бериў мектеплериндеги кем тәмийинленген шаңарақлар перзентлери, профилактикалық есапта турған оқыўшы жаслар ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң оқыў орынларындағы жаслар басланғыш шөлкем жетекшилеринен жәми 60 оқыўшы жаслар қатнасты. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги