ӨзЛиДеП Әмиўдәрья районлық Кеңеси тәрепинен райондағы «Тамара текстил» ЖШЖ да Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатын ҳаял-қызлардың арасында үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик турмыстағы белсендилигин тәмийинлеў» атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Дөгерек сәўбетинде атап өтилгениндей, Мүрәжаттағы бесинши бағдарда еркин базар механизмлерин енгизиў, саламат бәсеки ҳәм жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў Конституцияда айрықша орын ийелеўи кереклиги, усы жылдан баслап район ҳәм қалалардың шараяты, потенциалы ҳәм имканиятларынан келип шығып, 5 категорияға ажыратылатуғынлығы белгиленген.
Соның ишинде, исбилерменлик ушын ҳәр тәреплеме раўажланған 26 район – 1-категорияға; инфраструктурасы жақсы болған 46 район – 2-категорияға; шараятына байланыслы қанаатландырарлы болған 76 район – 3-категорияға; тартымлылығы жетерли болмаған 40 район – 4-категорияға; шараяты аўыр болған 20 район – 5-категорияға туўра келеди, деп көрсетилген.
Тийкарғы көрсеткишлери бойынша 4-категорияға киргизилген Әмиўдәрья районында да тийисли пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша илажлар алып барылмақта.
Район орайында нәтийжели жумыс ислеп турған «Тамара текстил» ЖШЖ жаратылған имканиятлардан пайдаланыўға ҳәрекет етпекте.
– Ҳәзирги ўақытта кәрханада тигилип атырған ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер барлық жастағы адамларға, сондай-ақ, балалар ушын да арналған,-дейди кәрхана баслығы Т.Юсупова. – Олар республикамыздағы барлық базарларға сатыў ушын шығарылмақта.
Кәрхана өнимлериниң Түркия мәмлекетинде де сатылып атырғанлығы бул жердеги ҳаял-қызларымыз жумысларына, атап айтқанда, өнимлериниң сапалы болыўына айрықша итибар қаратылып атырғанлығынан дәрек береди. Жақында, және 50 жумыссыз, тигиўшиликке қызығатуғын ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў нийетим бар. Бул ушын кәрханада жаратылатуғын жаңа жумыс орынларының санына қарап, жумысымызды баслаўымыз ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыўымыз ушын субсидия ажыратылады.
Ушырасыўда қатнасыўшылар кәрхана жумыслары ҳәм жумысшыларға жаратылған шараятлар менен де танысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.