Аномал суўық себепли газ-қуйыў шақапшалары, аймақларда транспорт машқаласы пайда болды. Усындай күнлерде ықтыярлылар баслама көрсетип, жолда қалып кеткенлерди бийпул тасымақта. Дәслеп Нөкисте басланған бул ҳәрекет ҳәзирги күнде Хожели, Қанлыкөл, Шымбай ҳәм басқа да районларда ен жайдырылған.

12-январьдан газ қуйыў шақапшаларының жумысы тоқтатылғаннан соң, аймақлардағы транспорт машқаласы және де актуалласты. Газ-заправкалар жабылыўы аймақта жолаўшы тасыўшы тийкарғы транспорт қуралларынан бири – Damas’лардың жумысына унамсыз тәсир етти. Damas’лар толық ислемегеннен соң, бәндиргилерде мәнзилине жетип алмай атырған жолаўшылар көбейип кетти.

Бул машқалаға шешим табылды – ықтыярлылар суўықта қалып кеткен жолаўшыларға бийпул хызмет көрсетпекте. Дәслеп бир топар пуқаралардың жеке басламасы сыпатында басланған бул социаллаық ҳәрекет соңынан республика басшылығы тәрепинен де қоллап-қуўатланды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен мәмлекетлик уйымларға өз есабындағы автобусларды жөнелислерге шығарыў ҳәм халыққа бийпул хызмет көрсетиў ҳаққында тапсырма берген.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан ИИМ, ДСМ, Транспорт министрлиги ҳәм Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектепке тийисли автобуслар жөнелислерге шығарылған, автобусларға жанылғы қуйыўда «Әжинияз қарақалпақ» дәриханасы жәрдемлеспекте.

Жаслар ислери агентлиги, оның аймақлық бөлимлери де «Саўаплы ис» акциясы шеңберинде бийпул машиналарды қатнаўларға шығарған. Қарақалпақ мәмлекетлик университети болса күнине 50 машинаны қалаға шығарып, жолаўшыларды мәнзилине бийпул жеткерип қоймақта. Бул бағдарда жергиликли исбилерменлер де белсендилик көрсетпекте.

Соны да атап өтиў керек, Нөкис орайлық базарының автомашина турыў орнына кириў ушын төлем бийкар етилген – бурынғы базардың тийкарғы «парковка»сына тек ғана линияларда қатнаўшы  Damas’лар кире алады. Бул жерде жолаўшы ҳәм айдаўшыларға ыссы чай ҳәм кофе де тарқатылмақта.

Бул социаллық ҳәрекетте өзиниң жеке меншик машинасы менен қатнасып атырған әпиўайы ықтыярлылар көпшиликти қурамақта – олардың арасында бир күнде 10 мәртелеп пуқараларды тасып атырғанлар да бар. Машиналар «маршрутка»лардың жөнелиси бойлап ҳәрекетленип, халықты мәнзилине жеткерип қоймақта.


Атап өтилиўинше, дәслеп Нөкисте басланған бул социаллық акция ҳәзирги күнде Хожели, Қанлыкөл, Шымбай сыяқлы республиканың басқа районларында да даўам еттирилмекте.


Қарақалпақстан хабар агентлиги