Бүгинги сынаўлы күнлерде жалғыз қариялар, көп балалы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ыссы кийим-кеншек, азық-аўқат пенен тәмийинленбекте.

Бундай қайырқомлық ислеринде депутатлар да белсендилик көрсетпекте. Атап айтқанда, Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының ағзасы Орынгүл Аллабергенова тәрепинен “Төрткүл-95” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы  Рашид Ибрагимовтың қәўендерлигинде Келтеминар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы, “Ҳаял-қызлар дәптери”не киргизилген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақтың перзентлерине қысқы кийим-кеншек ҳәм азық-аўқат өнимлери берилди.

Сонай-ақ, депутат тәрепинен Келтеминар ҳәм Ота-юрт аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы халық ушын көшпели қабыллаў өткерилди. Онда бир топар сайлаўшылар тәрепинен трансформатордың күшлениў дәрежесиниң төменлиги ҳаққында билдирилген мүрәжаты бойынша Төрткүл районы электр тәмийнаты кәрханасына депутатлық сораў жиберилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги