Пуқаралардың жеке меншик кәрханаларда хызметкер ямаса жалланба сыпатында жумыс ислеўи рәсмий түрде болса, олардың айлық мийнет ҳақысы өз ўақтында ҳәм дурыс төлениўине, мийнет стажының есапланыўына, салық төлемлериниң өз ўақтында төлениўине ерисилип, бул нәрсе пуқара ушын да, мәмлекет ушын да пайдалы болып есапланады.

Мәмлекетлик салық басқармасы тәрепинен усы бағдарда бир қатар илажлар шөлкемлестирилип, 2022-жыл даўамында рәсмий емес түрде жумыс ислеп атырған 23803 пуқараның жумысының рәсмийлестирилиўине, олар ислеп атырған жумыс орынларының легалласыўына ерисилген.

– Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы ҳәм бөлимлери тәрепинен өткен жыл даўамында 21328 хызметкердиң жумысларының рәсмийлестирилиўи режелестирилген еди,-дейди басқарманың жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторының бас инспекторы Д.Айымбетова. – Өткен жыл даўамында жәми 9338 кәрханада рәсмий емес түрде жумыс ислейтуғын 23803 хызметкердиң жумысы рәсмийлестирилиўине ерисилди.

Солардан саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларында 2978,  өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында 14800, қурылыс кәрханаларында 1159, аўыл хожалығы жумысларында ислеп атырған 4866 адамның жумысы рәсмийлестирилип, жасырын жумыс орынларының легалласыўы тәмийинленди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги