Президентимиздиң усы жыл 16-январь күнги өткерилген видеоселектор мәжлисинде белгилеп берген ўазыйпаларынан келип шығып, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов Ийшан қала аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ой аўыл»  ҳәм «Қоңырат»  аўылының халқы менен ушырасты.

Қыс мәўсиминдеги ҳаўа-райын есапқа алған жағдайда, гүзги-қысқы мәўсим ушын район ҳәкимлигинде шөлкемлестирилген штабқа  келип түскен аўыл халқының мүрәжатларынан келип шығып,  қыстың суўық күнлеринде газ басымы аз болып турған бул аўылдағы тәбийий газ мәселесине шешим табылды.




Атап айтқанда, аўылға жаңадан  газ трубасы тартылып, өз алдына газ бөлистириўши шақапшасы қойылатуғын болды.

 

Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы