Аномал суўық шараятында халықтың жәрдемге мүтәж қатламын руўхый ҳәм материаллық жақтан қоллап қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелериниң бирине айланды. Бүгингидей қыстың қыраўлы күнлеринде қоңыратлылар да ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиўге асықпақта.
«Меҳир ҳәрекети» жойбары тийкарында Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов район прокуроры Ж.Муфтуллаев пенен биргеликте Алмазар, Темир жол, Азатлық, Әжинияз мәҳәллелеринде жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлар, социаллық дәптерлер дизиминдеги пуқаралар ҳәм жалғыз баслы, бағыўшысы жоқ инсанлар ҳалынан хабар алып, оларға азық-аўқат өнимлерин тапсырды.
Соның менен бирге, Алмазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы «Жаслар дәптери» дизиминдеги А.Қурбанбаевқа бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде субсидия тийкарында заманагөй ноутбук тапсырылды.
Бул қайыр-сақаўат ислери турақлы түрде даўам етип, райондағы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы