Президентимиздиң 2019-жыл 23-августтағы «Республикада тоғайлардан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына бола, 2020-жылдың 1-январынан баслап тоғай фондының тоғай менен қапланбаған жерлерин ижараға бериў системасы жолға қойылған еди.
Сол тийкарда 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң 3 мың 640 гектардан аслам жер майданы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге инвестиция киргизиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў шәрти менен узақ мүддетке ижараға берилди.
«Өзбекстан Республикасында тоғай хожалығы системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары менен болса, тоғай фонды жерлеринен пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бул жумыс пенен шуғылланыўшыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-2022-жылларда тоғай фонды жерлерин алған ижарашыларға бағдарына қарап 1 жылдан 10 жылға шекемги мүддетте ижара төлеминиң «ноль»лик ставкасын қолланыў системасы жолға қойылды.
Бундай имканият ҳәм жеңилликлер тоғай хожалықларының жумысын және де жетилистириў менен бирге, усы тармақта жеке сектордың орнын кеңейтиў, жумыс алып барып атырған юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң мәпдарлығын арттырыўға хызмет етпекте.
-Әдетте тоғай хожалықлары ҳаққында гәп болғанда, көпшилик тек мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин жетистиретуғын, тәрбиялайтуғын, тәбияттың белгили бир аймақларын қорғаў менен шуғылланатуғын тармақты түсинеди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң бас қәнигеси Азамат Аметов. – Бирақ бундай хожалықларда да аўыл хожалығының көплеген бағдарлары бойынша өним жетистириў, өндирис пенен шуғылланыў имканияты бар. Бүгинги күнге шекем тармаққа жетерли дәрежеде итибар берилмегени себепли тоғай фонды жерлеринен нәтийжели пайдаланылмады. Соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар тийкарында тараўға заманагөй басқарыў системалары енгизиле баслады. Атап айтқанда, хожалығымыз жумысы да жаңа принциплер тийкарында шөлкемлестирилди.
Атап айтқанда, 2022-жылы тоғай хожалығы тәрепинен нәл таярлаў ҳәм жетистириў ушын 218 тонна туқым таярланып, 274 гектар майданда нәл жетистириў орынлары шөлкемлестирилди. Нәтийжеде сол жылы саяманлы тереклер ҳәм путалардың 20 миллион түпке шамалас нәллери жетистирилди. Тийкарынан республикамыздың климатына шыдамлы тут, япон сафорасы, акация, виргин шыршасы, ерик, алма, сексеўил сыяқлы 22 түрдеги саяманлы ҳәм мийўели терек нәллерин өсирип атырмыз. Сондай-ақ, тоғай хожалықларында тәжирийбе сыпатында шынар (клён – жалпақ жапырақлы ағаш), емен (дуб), павлония, канада багрянниги, сирия роза гүлиниң нәллери тәрбияланбақта.
Буннан тысқары, хожалықтың өзи 1 мың 30 гектар майданда дәрилик өсимликлерди жетистириў плантацияларын шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырып, 1 мың 810 тоннадан аслам дәрилик өсимликлерден шийки зат таярланды. Сондай-ақ, бүгинги күнде тәжирийбе сыпатында заманагөй технологиялар тийкарында 14 мың дана павловния ҳәм 7,3 гектар майданға 50 мың дана лаванда, 4,7 гектар майданға 20 мың дана годжи дәрилик өсимликлерин жетистириўге кирисилген. Соңғы жылларда бул бағдарға айрықша итибар қаратылып, көплеген дәрилик егинлер егилди. Хожалық ағзалары бундай дәрилик өсимликлерди тәрбиялаўды да жақсы өзлестирип алмақта.
Жаңа система тийкарында бүгинги күнде тоғай хожалығы аймағының 905 гектар жер майданы пайдаланыўға берилип, жеке секторлардың ивнестициялық жойбарлары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, пал ҳәррешилик комплексин шөлкемлестириўге қаратылған жойбар бойынша 19 мыңға шамалас пал ҳәрресиниң уясын, шарўашылық бағдарындағы жойбар ушын 12 мың 763 бас қара малды, қусшылық бағдары ушын 173 мыңнан аслам қусларды бағыў ушын жер ажыратылған. Сондай-ақ, 315 гектар жерде аўыл-хожалығы егинлери егилип, 887 тонна аўыл хожалығы өнимлери жетистирип алынды.
Президентимиздиң қарарына бола, ижарашылар халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайында дизимнен өткен жумыссыз шахсларды жумысқа алғаны ушын оларға мийнет ҳақы төлеў қәрежетлерин қаплаў ушын Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик фонды қаржылары есабынан 6 ай даўамында орташа мийнет ҳақысының 50 проценти муғдарында, бирақ ҳәр бир ай ушын базалық есаплаў муғдарының еки есесинен аспаған муғдарда субсидия төлениўи жолға қойылды. Сондай-ақ, ижарашыларға суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын орнатқаны ушын да қәрежетлердиң бир бөлеги қаплап берилмекте.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы