Қолланба (илажы болса, шама менен усылай ислең)

 Дене ыссылығын қалай сақлаў керек

Ыссы ишимликлер ишиң

Термоста шай алып жүриң

Ысытыўшы кремлерден пайдаланың

Бир орында турмаң, ҳәрекетте болыў керек

Егер жүзиңиз суўық тартқанын сезсеңиз, бетиңизге қан жүргизиў ушын 10-20 мәрте толық ийилип, тикейип алың.

Әсте дем алың, терең нәпес алмаң

Ўақты-ўақты менен жақын жердеги дүкән, подъезд ямаса кафеге барып жылынып алың

Алақанларыңызды уўқалаң

Позитив кейпиятты сақлаң

 

Сыртқа шығыўдан алдын не ислеў керек

Тойып аўқатланың (овощлы, тойымлы суп)

Көбирек гөш ҳәм балық өнимлерин жең

Аўқатыңызға дәм бериўши қосымшалар қосың (бурыш, карри, имбирь)

Қол ҳәм аяқ бармақларын ысқылаң

 

Не кийиў керек

Тәбийий гезлемеден тигилген кең кийим

Қулақларды жабатуғын бас кийим ҳәм шарф

Ишиңизден термал кийим

Кең аяқ кийим

Бир неше жуп шулық

Жүн ултарақлар

 

Суўықта не ислеўге болмайды

Жүдә көп ҳәм актив ҳәрекет етиў

Зергерлик буйымларын тағыў

Спиртли ишимликлер ишиў