14-январь-Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қараөзек районындағы Мәденият орайында «Ўатанды қорғаў әдиўли парызымыз» атамасында саз-сәўбетли байрам кешеси болып өтти.

Оған райондағы сектор  басшылары, нураный әскерлер, тараў пидайылары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда район ҳәкими У. Утамбетов илаж қатнасыўшыларын 14-январь-Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгенлигиниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлап, елимиз армиясында әскерлерге жаратылған қолайлықлар менен жеңилликлер туўралы айтып өтти.

Кешеде байрам мүнәсибети менен бир топар ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери, мектеплердеги жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлаў пәни муғаллимлерине район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.




Байрам илажында Қараөзек районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сондай-ақ, усы күни район ҳәкими У.Утамбетов А.Досназаров аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Генжемурат Алланиязовтың шаңарағынан хабар алып, оған байрам саўғаларын тапсырды.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы