Сыртқы мийнет миграциясы ўәкиллери Уллы Британия Жумыс бериўшилер ассоциациясының басшысы Дэвид Кэмп, «AG recruitment», «Сoncordia» ҳәм «Labour Solutions» рекрутинг компаниялары басшылары арасындағы гибрид ушырасыўда бул мәселе айрықша додаланды.
2023-жылы Британия тәрепинен мәўсимлик сырт ел мийнет мигрантлары ушын ажыратылған 45 мың квота шеңберинде Өзбекстаннан жумысшы күшин тартыў бойынша пикир алысылды.
Дэвид Кэмптиң айтыўынша, ҳәзирги күнде Британияда жумысшы күшине болған талап артып баратырғаны себепли ҳүкимет тәрепинен Өзбекстаннан мийнет мигрантларын аўыл хожалығы жумысларына тартыў имканиятлары бар.
«Сoncordia» компаниясының директоры Симон Бовйер 2023-жылы өзбекстанлы мийнет мигрантларын жумыс пенен тәмийинлеў таяр екенлигин мәлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги