8-декабрь – Өзбекстан Республикасы конституциясы қабыл етилген күн

Тийкарғы Нызамымыз болған – Өзбекстан Республикасы Конституциясы заманагөй демократияның мақсет ҳәм талаплары тийкарында қабыл етилген болып, ол Алғы сөз, «Тийкарғы принциплер», «Инсан ҳәм пуқаралардың тийкарғы ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлемелери», «Жәмийет ҳәм шахс», «Ҳәкимшилик-аймақлық ҳәм мәмлекет дүзилиси», «Мәмлекет ҳәкимиятының» шөлкемлестирилиўи», «Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў тәртиби» деп аталған 6 бөлим, 26 баптан ибарат 128 статьяны өз ишине алады.

Конституцияның алғы сөзинде, Өзбекстан Республикасы халқы дүнья жәмийетшилигине өзиниң улыўма инсаныйлық қәдириятларға садық екенлигин жәриялады. Бундай улыўма инсаныйлық қәдириятлардың итибар орайында инсан, оның өмири, еркинлиги, абыройы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықларын тәмийинлеў мәмлекет алдында турған баслы ўазыйпа екенлиги таңлап алынды.

Конституциямыздың барлық принциплери, биринши гезекте, инсан ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға қаратылған болып, мәмлекеттиң миннетлемеси усы ҳуқық ҳәм еркинликлерди тәмийинлеўде өз көринисин табады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясында беккемленген инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң мазмуны 1948-жылда қабыл етилген Инсан ҳуқықлары дүнья жүзилик декларациясы, 1966-жылда қабыл етилген Экономикалық, социаллық ҳәм мәдений ҳуқықлар ҳаққындағы ҳәм Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық Пактлердиң мазмунына сәйкес келеди.

Мәселен, Конституцияның 41-статьясында белгиленген «Ҳәр ким билим алыў ҳуқықына ийе. Бийпул улыўма билимлендириў мәмлекет тәрепинен кепиллестириледи. Мектеп жумыслары мәмлекет қадағалаўында» деген қағыйдалары 1948-жылда қабыл етилген Инсан ҳуқықлары дүнья жүзлик декларациясының 26-статьясы қағыйдаларына толық сәйкес ҳалда ислеп шығылған.

Мине, усындай халқаралық ҳүжжетлер ҳәм тийкарғы нызамымызда белгиленген пуқараларымыздың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында басқа барлық салалар қатары мәмлекетимизде билимлендириў саласында да кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Мектепке шекемги билимлендириў жолға қойылған, жасларымыздың 11 жыллық бийпул улыўма билим алыўы, кәсипке таярланыўлары тәмийинленген, мектептен тысқары ҳәм жоқары билим алыў системалы жолға қойылған.

Өзбекстан Республикасы Конституциясына бүгинги күнге шекем
14 мәрте өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген.

Конституциялық талаплар тийкарында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжесинде пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплериниң нызамлы жол менен қорғалыўы ҳәм мүнәсип турмыста жасаўы тәмийинленбекте. Яғный, Тийкарғы Нызамымыз болған Конституцияда муқаддес Ўатанымызда жасап атырған хәр бир инсанның мүнәсип турмыс кешириўи, олардың арзыў-әрманларын жүзеге шығарыў, инсаныйлық принциплерине тийкарланған демократиялық жәмийетти қурыўдай уллы мақсетлер өзиниң толық көринисин тапқан.

 

         Е.Утениязов,

Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги