«
Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен бир қатар қайырқомлық илажлары өткерилди.

Атап айтқанда, фонд ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийети хызметкерлери менен биргеликте Нөкис қаласы ҳәм районлардағы имканияты шекленген, айрықша жәрдемге мүтәж пуқаралардың кеўиллерин көтериў мақсетинде олардың шаңарақларынан хабар алынып,  байрам менен қутлықлады. Оларға саўғалар тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажларда атап өтилгениндей, кем тәмийинленген, майыплығы болған шахсларға, жалғыз кекселерге жәрдем қолын созыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири. Буннан гөзленген мақсет болса, олардың кеўиллерин көтериў болып табылады.


Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,

ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги