Көпшиликтиң хабары бар быйылғы қыс мәўсиминде басқа жылларға салыстырғанда ҳаўа-райының аяз болыўы бақланбақта.

Бул әлбетте, республикамыздағы социаллық объектлердеги жыллылық системасында бир қатар машқалаларды келтирип шығарыўы тәбийғый. Сонлықтан мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем басшыларынан оғада қатаң жуўапкершилик талап етилмекте.

Әсиресе, бүгинги күни мектеп ҳәм балалар бақшаларында жыллылық системаларының турақлы ислеўи халқымыз ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Мурат Тажетов аўыллық жерлердеги мектеплердиң бүгинги жағдайы, оқыўшылар ҳәм муғаллимлер ушын жаратылған шараятлар менен танысыў мақсетинде, районның ең шетки аймағы есапланған «Шерназар бақсы» аўылында жайласқан 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болды.

-Мектебимиз район орайынан әдеўир қашықта жайласқанлықтан, оқыў бинасы тәбийғый газге жалғанбаған. Сонлықтан бизлер мектепти отын ҳәм көмир жәрдеминде жылытамыз,-дейди мектеп директоры Оралбай Шерназаров.-Быйылғы гүз-қыс мәўсимине алдын ала таярлықлар көрилип, август айында мектебимизге жеткиликли муғдарда отын менен көмир түсирип алдық ҳәм оларды арнаўлы қоймаханаларға жайластырдық. Ҳәзирги күни жылытыў системасының турақлы жумыс ислеўи ҳәм сабақлардың сапалы өтилиўин қадағалаў мақсетинде, мектебимизде нәўбетшилик кестеси дүзилген ҳәм жуўапкер хызметкерлер тәрепинен бул жағдай қадағаланып келинбекте.


Районлық Халық билимлендириў бөлими баслығы мектептиң ишки имканиятлары менен жақыннан танысып, жуўапкер хызметкерлерге тийисли көрсетпелер берди. Сондай-ақ, ол усы күни «3-декабрь-халықаралық Майыпларды қорғаў күни» мүнәсибети менен үй шараятында билим алып атырған 4-класс оқыўшысы Бийбиназ Жийенбаеваның  ҳал-жағдайынан хабар алып, оған байрам саўғасы тапсырылды.

         Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы