2022-жылда биринши мәрте ең жақсы глобал брендтиң орташа бренд көлеми 3 триллион АҚШ доллардан асты. Топ 100 брендтиң улыўма көлеми 3 088 930 миллион долларға жетти, бул 2021-жылға салыстырғанда 16 процентке асқан (2 667 524 миллион доллар). Бул жылы бренд көлеми өсиўиниң ең тез раўажланыўы анықланған болып, бул компания брендиниң экономикалық раўажланыўын арттырыўда қосып атырған үлесин көрсетеди.

Дүньяда брендлер саны көп, бирақ олардың ишинде ең раўажланған ҳәм адамлардың талабын қанаатландыратуғын компаниялардың саны аз. Усы жылы ең көп табысқа ийе болған топ-10 брендлер менен танысың.

  1. Apple – 482,215 м$ +18%
  2. Microsoft – 278,288 м$ +32%
  3. Amazon – 274,819 м$ +10%
  4. Google – 251,751 м$ +28%
  5. Samsung – 87,689 м$ +17%
  6. Toyota – 59,757 м$ +10%
  7. Coca-Cola – 57,535 м$ 0%
  8. Mercedes-Benz – 56,103 м$ +10%
  9. Disney – 50,325 м$ +14%
  10. Nike – 50,289 м$ +18%.

 

Райхан Даниярова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги