Мексикада болып өткен  жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы 4 медаль: 1 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза менен жуўмақлады. Бул чемпионатқа Өзбекстаннан  16  спортшы қатнасты, деп хабар бермекте Миллий олимпиада комитети баспасөз хызмети.

+73 кг салмақ категориясында Светлана Осипова  алтын медальды қолға киргизди.

– 63 кг салмақ категориясында  болса , Нияз Пулатов гүмис медаль алды. Ол Әзербайжан, Египет, Иран, Хорватия ҳәм Испания ўәкиллерин жеңип, финальға шекем  жетип келди. Бирақ шешиўши бәсекиликте қытайлы  Лианг Юшуаиға жеңилип қалды .

Бронза медалына (-87 кг) Никита Рафалович ҳәм (-62 кг) Феруза Содиқова ийе болды.  Никита Рафалович жәҳән чемпионатларында үшинши, Феруза Содиқованиң болса дәслепки медалы болды. Амир Тўраев  (-58 кг) ҳәм Зуҳра Тожиматова  (-46 кг) 1/32 финалда жеңилиске ушырады. Жаҳонгир Худойбердиев ( (-54 кг) 1/16 ҳәм Саодат Алиева (-73 кг) болса 1/32 финал басқышына  шекем жетип барды. Олимпиада чемпионы болған Улуғбек Рашитов ( -68 кг) ҳәм Зарнигор Ҳусниддинова (-49 кг) да медаль алған спортшылар қатарына кире алмады.

 

Хамре Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы 

тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги