21-ноябрь күни «ӨзЛиДеп» баслығы Актам Хаитов Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң қабыллаўында болды.
Актам Хаитов Президент Шавкат Мирзиёевтиң атынан Илҳам Алиевти «Жаңа Әзербайжан» партиясының 30 жыллығы менен қутлықлады ҳәм Өзбекстан Президентиниң жақсы тилеклерин жеткерди.
Өз гезегинде, Әзербайжан басшысы қутлықлаў ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Шавкат Мирзиёевқа өзиниң жақсы тилеклерин жеткериўди сорады.
ӨзА